Синоптиклердиң мәлим етиўинше, бүгин ҳәм келеси дем алыс күнлери пүткил мәмлекетимиз бойлап қурғақ ҳаўа-райы сақланып турады. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самалдың бағыты шығыстан күшсизден орташаға шекем.
Бүгин күндизги ўақытлары аймақлардың көпшилигинде ҳаўа температурасы 8-11 дәреже ыссы болады. Шемби ҳәм екшемби күнлери күндизги температура 12-15 дәреже жыллыға шекем көтериледи. Түнде ҳәм азанда да температураның әсте-ақырын көтерилиўи күтилмекте, екшемби күни 0-3 дәреже ыссы болады.
Ташкентте жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Самалдың бағыты шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи. Дем алыс күнлери ҳаўаның температурасы түнде 1-3 градус жыллыға шекем, күндиз 13-15 градус жыллыға шекем көтериледи.