Ҳаўаның тийкарғы температурасы бүгин күндиз 0...-3 дәреже, 24-январь түнде -5...-8 дәреже болады.

24-январь күни күндиз суўық антициклон Өзбекстан аймағынан сыртқа шығады ҳәм суўық масса тәсири әсте-ақырын ҳәлсирей баслайды. Күндизги ўақытлары 0...+3 дәреже ыссы болады.

25-январь, екшемби күни ҳаўаның температурасы және де сезилерли дәрежеде көтерилиўи күтилмекте. Түнги суўық -3...+2 дәрежеге шекем кемейеди, күндизги ўақытлары +5...+8 дәрежеге шекем жылыйды.

23-24-январь күнлери Өзбекстан аймағының көпшилик бөлегинде жаўын-шашынсыз ҳаўа-райы болыўы күтиледи, тек ғана Ферғана ойпатлығы ўәлаятларында бүгин күнниң биринши ярымында айырым жерлерде бираз қар жаўыўы, Наўайы, Самарқанд, Қашқадәрья ўәлаятларында ертең күнниң екинши ярымында айырым жерлерде бираз жаўын-шашын (жаўын, қар) болыўы күтиледи.

25-январьда республиканың айырым аймақларында аз муғдарда жаўын-шашын (жаўын, қар) болыўы мүмкин, Қарақалпақстан, Хорезм ўәлаяты ҳәм Ферғана ойпаты ўәлаятларынан тысқары.

Республика бойынша айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Жолларда музлық, таўлы аймақларда ўақты-ўақты қар, қар көшиўи мүмкин. 24-25-январь күнлери республика бойынша айырым жерлерде самалдың тезлиги 15-20 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде 22-25 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.

Жума ҳәм шемби күнлери Ташкент қаласында жаўын-шашын болмайды. Түнде ҳәм азанғы саатларда думан түсиўи, екшемби күни аз муғдарда жаўын-шашын болыўы мүмкин. Жолларда айырым жерлерде муз қатады.

Ҳаўаның температурасы жума күни күндиз -1...-3 дәреже, шемби күни түнде -6...-8, күндиз 0...+2 дәреже, екшемби күни түнде -1...+1, күндиз +5...+7 дәреже болады.