JR Hokkaido темир жол компаниясының мағлыўматларына бола, Хоккайдо атаўында кең көлемли қар жаўыўы себепли мыңға шамалас поездлар бийкар етилген ямаса кешиктирилген.

Мәселен, темир жол операторының мағлыўматына бола, 25-январь күни 545, 26-январь күни болса және 405 поезддың ҳәрекетлениў кестесине өзгерис киргизилген. Усы тәризде еки күн ишинде 950 поезд бийкар етилди ямаса иркилди. Жәми 140 мыңнан аслам жолаўшыға зыян тийди. Иркилиўлер 26-январь күни кешки ўақытта да даўам етти, деп жазбақта report.az