АҚШта бул қәдемге коммерциялық емес, стратегиялық қарар сыпатында қарамақта, деп жазады Bloomberg.
Келисим АҚШ компаниялары тәрепинен Арменияға ядро технологиялары, жанылғы ҳәм хызметлерди экспорт етиў, атап айтқанда, киши модулли реакторлар жеткерип бериў бойынша ҳуқықый тийкарларды белгилейди. Америка компаниялары ушын бул СССР дәўиринде қурылған Армения атом электр станциясының орнын басыў ушын "шәртнама ушын гүресиў имканияты", делинеди материалда. Ҳәзир Россия жәрдеминде оның жумыс ислеў мүддетин 2036-жылға шекем созыўға таярланбақта, бирақ мәмлекет ҳәкимияты жаңа АЭС қурыў имканиятын да көрип шықпақта, деп жазбақта rbc.ru.