Билимлендириў тараўындағы жетекшилерди бирлестиретуғын дүньяның абырайлы платформаларынан бири есапланған әнжуманда "Эл-юрт умиди" қорының атқарыўшы директоры, профессор Гулноза Исмаилова қатнасты.

«Leading the Way: Navigating Volatility and New Realities in International Education» ("Халықаралық билимлендириўдеги турақсызлық ҳәм жаңа реаллықлар шараятында жетекшилик") сүрени астында өткен әнжуман пүткил дүньядағы университетлер, халықаралық офислер ҳәм билимлендириў шөлкемлериниң басшыларын бир жерге жәмледи.

100 ден аслам сессия ҳәм дөгерек сәўбетлери шеңберинде қатнасыўшылар геосиясий факторлардың академиялық мобилликке тәсири, глобал бирге ислесиў моделлериниң трансформациясы, университетлердиң стратегиялық халықаралық абырайын раўажландырыў сыяқлы мәселелерди додалады.

Сиясий ҳәм нормативлик өзгерислер шараятында институционаллық стратегияларды қайта көрип шығыў, халықаралық билимлендириўде бейимлесиўшең ҳәм исбилерменлик жетекшиликти қәлиплестириў, сондай-ақ, академиялық мобиллик, бирге ислесиў ҳәм билимлендириў процесслерин басқарыўда жасалма интеллекттен пайдаланыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

"Эл-юрт умиди" қорының AIEA әнжуманындағы қатнасыўы халықаралық байланысларды беккемлеў, жетекши экспертлер менен тәжирийбе алмасыў ҳәм сырт ел университетлери менен стратегиялық шерикликти кеңейтиў перспективаларын додалаў имканиятын берди.

Атап айтқанда, "Эл-юрт умиди" қорының атқарыўшы директоры Гулноза Исмаилова Халықаралық билимлендириў институты (IIE) президенти Жейсон Чиж менен өткерген ушырасыў жуўмағында еки тәреплеме түсинисиў меморандумына қол қойылды. Ҳүжжетке бола, Фулбрайт стипендия бағдарламасы шеңберинде биргеликтеги билимлендириў бағдарламасын жолға қойыў ҳәм Өзбекстан ҳәм АҚШ университетлери арасында биргеликтеги диплом бағдарындағы бирге ислесиўди қор арқалы әмелге асырыў бойынша келисимге ерисилди.

Соның менен бирге, Нью-Йорк штаты университетлери бирлеспеси (SUNY), Техас Халықаралық билимлендириў консорциумы (TIEC), PeopleCert, QS, IELTS USA ҳәм TOEFL шөлкемлериниң ўәкиллери менен ушырасыўлар өткерилип, өзбекстанлы жаслар ушын билим алыў ҳәм кәсиплик раўажланыў имканиятларын кеңейтиў сыяқлы бирге ислесиў мәселелери додаланды.

Милан политехника университети, Мэриленд университети, Пенсилвания мәмлекетлик университети, Иллинойс университети ўәкиллери менен өткерилген сөйлесиўлер даўамында техникалық ҳәм кәншилик тараўларында кадрларды таярлаў, киберқәўипсизлик, жер ресурслары, балықшылық, аўыл хожалығы ҳәм суўғарыў бойынша оқыў курсларын шөлкемлестириў және медицина ҳәм қала қурылысы бағдарларында бирге ислесиў имканиятлары додаланды.

Қор инсан капиталын беккемлеў бойынша мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары шеңберинде Өзбекстанның глобал билимлендириў мәканына интеграцияласыўы ҳәм халықаралық академиялық байланысларды раўажландырыў бағдарында системалы жумысларды даўам еттирмекте.