Велосипедте ҳәрекетлениў денсаўлығыңыз ушын қаншелли пайдалы?

    Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми (ЖДСШ) мағлыўматларына бола, турақлы физикалық белсендилик - соның ишинде, велосипед айдаў - жүрек-қан тамыр кеселликлери, диабет, рак, руўхый түскинлик ҳәм ерте өлим қәўпин азайтады.

    Велосипед айдаўдың 5 тийкарғы пайдасы:

    1. Жүрек ҳәм қан тамыр хызметине жақсы тәсир көрсетеди. Велосипед айдаў жүректи шынықтырады, қан айланыўын жақсылайды, қан басымын нормада услап турыўға жәрдем береди.

    2. Артықша салмақтан қутылыўда нәтийжели физикалық искерлик түри есапланады. Саатына 15-20 км тезликте велосипед айдаған адам 1 саатта 400-600 калория сарплайды.

    3. Диабет ҳәм метаболик синдромның алдын алады. ЖДСШ мағлыўматларына бола, физикалық белсендилик 2-түр диабет қәўпин 30-40% ке азайтады.

    4. Психологиялық жағдайды жақсылайды. Тәбиятта велосипед айдаў стрессти азайтады, серотонин ҳәм эндорфин затлары ислеп шығарылыўын күшейтеди - бул кейпият ҳәм уйқыны жақсылайды.

    5. Буўынлар ушын қәўипсиз физикалық шынығыў түри болып есапланады. Велосипедте ҳәрекетлениў дизелерге күшли басым түспестен булшық етлерди шынықтырады - бул әсиресе жаслар ҳәм кексе жастағылар ушын жүдә пайдалы.

    ЖДСШ усынысына муўапық:

    Үлкенлер ҳәптесине кеминде 150-300 минут орташа интенсивликтеги физикалық белсендилик пенен шуғылланыўы керек. Бул норманы велосипед айдаў арқалы аңсатлық пенен орынлаў мүмкин!

    Ҳәр күни велосипед айдаў - бул әпиўайы, бирақ денсаўлығыңызды беккемлеўши күшли қурал. Оны әдетке айландырың ҳәм саламат турмысқа қарай ҳәрекет етиң!


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates