Дүньяның айырым мәмлекетлеринде, атап айтқанда, Ҳиндстан ҳәм Қубла-Шығыс Азия мәмлекетлеринде NIPAH вирусын жуқтырыў жағдайлары бақланып атырғанлығы мүнәсибети менен Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитети халыққа мүрәжат пенен шықты. Шөлкемниң мәлим етиўинше, ҳәзирги ўақытта Өзбекстан аймағында бул вирус пенен кеселлениў жағдайлары улыўма дизимге алынбаған, мәмлекеттеги эпидемиологиялық жағдай толық турақлы қадағалаўда. Атап өтилиўинше, мәмлекетимиз шегаралары арқалы түрли жуқпалы кеселликлердиң кирип келиўиниң алдын алыў мақсетинде 54 шегара өткериў пунктинде күшейтилген санитариялық-карантин қадағалаўы жумыс алып бармақта.

 Комитеттиң атап өтиўинше, бул кеселликтиң елимизге кирип келиў итималы оғада аз болса да, Ҳиндстанға барыўды режелестирип атырған пуқараларға вирустан сақланыў ушын төмендеги усыныслар берилген:

жеке гигиена қағыйдаларына әмел етиў;

қолларды жақсылап сабынлап жуўыў;

антисептикалық қураллардан пайдаланыў;

мийўе ҳәм палыз өнимлерин жеўден алдын жуўыў;

сынап көрилмеген суўды ишпеў

Әсиресе, жарғанатлар шаққан ямаса тырнаған мийўелерди қабыл етпеў керек.

Жоқары температура, басының қатты аўырыўы, қалтыратыў ҳәм кеселликтиң басқа белгилери пайда болғанда дәрҳал шыпакерге мүрәжат етиў керек.

NIPAH вирусы зооноз вирус болып, ҳайўанлардан адамға жуғады. NIPAH вирусы жарғанатлардан ҳайўанларга ҳәм адамларга жуғады. Вирус өзиниң атын 1998-1999-жыллары биринши мәрте анықланған Малайзиядағы Сунгай Нипах аўылынан алған. Кливленд клиникасының мағлыўматларына қарағанда, сол эпидемия даўамында Малайзия ҳәм Сингапурда 100 адам қайтыс болған, кеселликтиң және де тарқалыўының алдын алыў мақсетинде бир миллион шошқа өлтирилген, бул болса фермерлер ушын үлкен экономикалық ақыбетлерге алып келген.

Әдетте, бул вирус ийт, ат, шошқа ҳәм басқа ҳайўанларды зыянлайды. Егер Нипах вирусы адамлар арасында тарқалса, өлимге алып келиўи мүмкин болған аўыр инфекцияны келтирип шығарыўы мүмкин.

Гриппке уқсас белгилер (ысытпа, бас аўырыўы, булшық етлер аўырыўы, инсульт, қусыў, тамақ аўырыўы, бас айланыўы, уйқышылық). Энцефалиттен дерек беретуғын неврологиялық бузылыўлар.

Нипах вирусы қәўипли патоген болып, аўыр респиратор ҳәм неврологиялық симптомларды, соның ишинде, энцефалит (мий исиниўи) кеселлигин келтирип шығарыўы мүмкин, аўыр жағдайларда өлимшилиги жоқары.