"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, шемби ҳәм екшемби күнлери елимизге жаңа ығал ҳаўа кирип келеди, соның ушын республика бойынша айырым жерлерде жаўын-шашын - жаўын ҳәм қар жаўады. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5гр суўық, күндиз 0-5гр жыллы.
Самалдың бағыты батыстан күшсиз, орташа еседи. Айырым жерлерге думан түседи. Таўлы аймақларда ўақты-ўақты менен қар жаўып, қар көшиўи мүмкин.
Ташкент қаласы бойынша: бүгин күндиз жаўын-шашын болмайды, ҳаўаның температурасы 1-3° жыллы. Шемби күни тийкарынан түнде ҳәм азанда қар жаўыўы, айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Екшемби күни түнде ҳәм азанда бираз қар, думан, күндиз жаўын-шашын болмайды. Самал әззи. Ҳаўаның температурасы түнде ҳәм күндиз 2° суўықтан 3° жыллыға шекем болады.