Ҳүжжет пенен телекоммуникация хызметлерин көрсетиўде пуқараларға қолайлықлар жаратыўға қаратылған бир қатар жаңалықлар белгиленди.
Соның ишинде, мобил байланыс абонентиниң жеке есап бетинде қаржы жетерли болмаған жағдайда, мобил байланыс операторы ҳәм абонент арасындағы шәртнаманы бийкар етиў (номерди жоқ статусқа өткериў) мүддети 2 айдан 1 жылға шекем создырылады.
Абонентлер әмелдеги тариф режесин ҳәр қандай басқа тариф режеси менен бийпул алмастырып алыўы мүмкин болады (белгили бир топар ямаса айырым шекленген аймақлар ушын ислеп шығылған айрықша тариф режелерине өтиў буған кирмейди).
Әмелдеги тарифлердиң шәртлери өзгергенде абонентлер бул ҳаққында ғалаба хабар қураллары, рәсмий веб-сайт ямаса СМС-хабарнама арқалы кеминде 15 күн алдын мәжбүрий түрде хабардар етилиўи керек.
Халыққа, соның ишинде, хызмет көрсетиў шақапшасына барыў имканиятына ийе болмаған пуқараларға қосымша қолайлықлар жаратыў мақсетинде жасаў орнына барыў, алыс ҳәм шетки елатлы пунктлерде көшпели мобил хызметлер көрсетиў жолға қойылады.