Бул ҳаққында "Өзгидромет" хабар берди.
Бүгин тек ғана Наўайы ўәлаятында ҳәм азанғы ўақытлары Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаятында аз муғдарда қар жаўады. Ертең 20-январь күни кешки ўақытлары тек ғана республиканың қубла-батыс районларында жаўын-шашын (жаўын, қар) болыўы мүмкин.
21-23-январь күнлери Өзбекстанның үлкен бөлиминде ўақты-ўақты менен жаўын-шашын (жаўын, қар) болады.
Ҳәптениң биринши ярымында ҳаўа температурасы кеште 3 дәреже суўық-2 дәреже жыллы, күндизги ўақытлары 3-8 дәреже жыллы әтирапында болады. Екинши ярымында ҳаўаның температурасы әсте-ақырын төменлеп, түнде 2-7гр суўық, күндиз 2гр суўық-3гр жыллы болыўы күтиледи.
Қарақалпақстанда усы ҳәптеде түнде 8-13гр суўық, күндиз 0-5гр суўық, 23-январьға келип 3гр жыллы болыўы күтиледи.
Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин.
21-22-январьда республиканың айрым аймақларында самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейеди.
Таўлы аймақларда ўақты-ўақты қар жаўып, қар көшў қәўпи бар.
Ташкентте: 19-21-январь күнлери жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы түнде 2° суўықтан 1° жыллыға шекем, бүгин ҳәм ертең күндиз 3-6° жыллы, 21-январь сәршемби күни 7-9° жыллы болады. Түнде ҳәм азанда думан болыўы мүмкин. Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи.
22-23-январьда ўақты-ўақты менен жаўын-шашын (жаўын, қар) болады. Ҳаўаныӊ температурасы 22-январь күни түнде ҳәм күндиз 0-2гр жыллы, 23-январь күни түнде 3-6гр суўық, күндиз 0гр әтирапында.
Түнде ҳәм азанда думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи.