Қорғаныў министрлиги Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар департаментиниң мәлим етиўинше, жарыс халықаралық әскерий бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм арнаўлы бөлимлердеги хызметтиң абырайын арттырыў мақсетинде шөлкемлестирилген.
Таңлаў даўамында қатнасыўшылар физикалық таярлық бойынша нормативлер, тосықлар полосасынан өтиў, 15 километр аралықта түнги мөлшерлеў, 20 килограмм жүк пенен 20 километр аралыққа марш атыў, жаўынгерлик ҳәм улыўма таярлық тестлери, артиллериялық оқ атыўды басқарыў, НАТО стандартындағы оқ атыў қуралларын бөлеклерге ажыратыў ҳәм жыйнаў, ҳәр қыйлы шараятларда оқ атыў, медициналық жәрдем көрсетиў ҳәм басқа да әмелий ҳәм теориялық тапсырмаларды орынлаў сыяқлы 13 түрли шынығыўды орынлады.
Командалық есапта өзбекстанлы әскерий хызметкерлер 20 килограмм жүк пенен 1 саат 48 минутта 20 километр аралыққа марш-жылжыў жолын басып өтти. Жеке тәртиптеги сынақларда III дәрежели сержант Турдимурод Авлаев комплексли тосықлар полосасын 10 минут 34 секундта, киши сержант Илҳом Саломов болса түнги мөлшерлеў бойынша 15 километр аралықтағы жумысты 59 минутта табыслы орынлады.
Итибарлы тәрепи, бир қатар бағдарлар бойынша жарыс рекордлары жаңаланды. Таңлаў жуўмағында Өзбекстан әскерий хызметкерлери арнаўлы сыйлық пенен сыйлықланды.
Өзбекстан ўәкиллери 2019-жылдан берли бул таңлаўда табыслы қатнасып, жоқары нәтийжелерди көрсетип, жетекши орынларды ийелеп киятырғанын атап өтиў керек.
Жеңимпазлар 22-март күни Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында салтанатлы күтип алынды.