Жарыста Корея Республикасы, Өзбекстан, АҚШ, Жаңа Зеландия, Камбоджа, сондай-ақ, НАТО бирлескен топарынан 16 команда ҳәм 500 ге шамалас әскерий хызметкер қатнасты.
Биринши басқышта ҳәр бир команда оператив режени ислеп шықты, миллий муўапықластырыў бойынша ўазыйпаларды орынлады ҳәм бөлимлердиң биргеликтеги ҳәрекетлерин әмелге асырыў ушын зәрүр болған көнликпелерди беккемледи.
Қурадан кейин қатнасыўшылар жарысқа киристи. Олар таңлаў шәртлери бойынша ҳәр қыйлы жаўынгерлик симуляторлар ҳәм илимий тийкарланған оқыў-шынығыў бағдарламалары тийкарында таўлы, тоғай ҳәм қала аймақларында шәртли жаўынгерлик ҳәрекетлердиң 12 басқышынан өтти.
Жуўмақлар шығарыўда тапсырмалардың толық орынланыўы, жаўынгерлик ҳәрекетлерди алып барыў қағыйдаларына әмел етилиўи, шәртли душпанды сапластырыў нәтийжелилиги, ҳүжимде ҳәм қорғаныўда аман қалыўы, ҳәрекетлердиң тактикалық жақтан тийкарланғанлығы ҳәм жаўынгерлик жағдайға байланыслы хабардар етилиўи есапқа алынды.
Өзбекстан әскерий хызметкерлери тек ғана биринши орынды ийелеп қоймастан, жаңа рекордларды да орнатқан. Шәртли қарсыластың резерв ҳәм тийкарғы команда пунктин қолға киргизиў ушын 21 минут ўақыт жумсалған болса, алдынғы рекорд 33 минутты қураған. Шәртли душпанды жоқ етиў ушын алдынғы 29 минут орнына 25 минут ўақыт сарыпланды. Сондай-ақ, III дәрежели сержант Бекзод Нодиров шәртли душпанды жоқ етиў бойынша ең жақсы нәтийже көрсетип, "Ең жақсы мерген" номинациясы жеңимпазы деп табылды.
Солай етип, Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигиниң командасы және бир мәрте ең жоқары дәрежедеги жаўынгерлик таярлықты көрсетип, үш жыл қатара избе-из даўам етип атырған жетекшиликти тастыйықлап, биринши орынды ийеледи.
Бүгин, 27-сентябрь күни Ташкент халықаралық аэропортында әскерлерди салтанатлы күтип алыў мәресими болып өтеди.












