Жас өспиримлер ушын банк карталарын ашыў бойынша талаплар ислеп шығылады

    6 мамыр 2025 1256

    Президенттиң арнаўлы Қарарына бола, жас өспиримлер банклерде есап бетлерин ҳәм банк карталарын ашыўы бойынша талаплар ислеп шығылады.

    Банклер ата-аналарды олардың жас өспирим перзентлери менен байланыслы гүманлы (фрод) операциялар ҳаққында хабардар етиў әмелиятын жолға қояды.

    Банклер ҳәм төлем шөлкемлери тәрепинен өзиниң мобиль қосымшаларына антивирус қорғаў системаларын орнатыў ҳәм пайдаланыўшы қурылмасында зыянлы программалардың белгилери бар екенлиги анықланғанда оларды ескертиў әмелияты енгизиледи.

    Ишки ислер уйымлары жуўапкер бөлимлериниң сораўына тийкарланып гүманлы пул өткерме әмелиятларына байланыслы банк карталары жеделлик пенен блокланады.

    Тергеўге шекем тексериў ҳәм дәслепки тергеў даўамында жүз берген кибержынаятлар бойынша киберқәўипсизлик талапларына әмел етилгени бойынша жуўмақ "Киберқәўипсизлик орайы" МУК тәрепинен бериледи.

    Сондай-ақ, Кибержынаятларға қарсы гүресиўге ҳәм санлы тергеўге жәрдемлесиў орайы шөлкемлестириледи.

    Кибержынаятларды ашыў, оларды тергеў әмелиятындағы бар машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша илимий тийкарланған усынысларды ислеп шығыў Орайдың тийкарғы бағдарларынан бири етип белгиленди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates