Облигациялардың жайластырылыўы АҚШ, Уллы Британия, ЕА мәмлекетлери ҳәм Жақын Шығыстан 100 ден аслам ири халықаралық инвесторлардың итибарын тартты. Бул жәҳән финанс базарларының жоқары өзгериўшеңлиги фонында жүз берди ҳәм нефть-газ тараўындағы усыныстың өзине тәнлиги менен ажыралып турды.
Қыйын базар шараятында табыслы жайластырыў инвесторлардың компанияға болған исеними жоқары екенин тастыйықлайды.
Конференция шеңберинде Standard Chartered, J.P. Morgan, Citibank и Deutsche Bank AG сыяқлы жетекши банк ҳәм финанслық шөлкемлердиң ўәкиллери "Өзбекнефтгаз" АЖ, оның раўажланыў перспективалары, мәмлекет тәрепинен көрсетилип атырған жәрдем ҳәм трансформация процесслерине үлкен қызығыўшылық билдирип, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди беккемлеўге таяр екенин билдирди.