Мәмлекетлер бул ҳаққында Вашингтонға АҚШтың Иранға соққы бериўге таяр болыўы кереклиги ҳаққындағы ескертиўинен кейин мәлим етти.

Саудия Арабстаны, Оман ҳәм Қатар ўәкиллери Иран режимин аўдарыўға урыныў нефть базарларында ләрзеге алып келиўи ҳәм ақыр-аяғында АҚШ экономикасына зыян жеткериўин айтты, деп жазады WSJ. Мәмлекетлер Иранға берилген соққылар Армуз буғазы арқалы нефть танкерлериниң ҳәрекетин бузыўы мүмкинлигинен қәўетерленбекте.

Саудия Арабстаны ўәкиллери рәсмий Тегеранды итималлы келиспеўшиликке қатнаспайтуғынына ҳәм Қурама Штатларға өз ҳаўа кеңислигинен Иранға соққы бериў ушын пайдаланыўға рухсат етпейтуғынына исендирди, деп жазады meduza.io.