Атап өтилгениндей, халқымыздың бүгинги турмысынан разылығын ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў, олардың машқалалары ҳәм мүрәжатларына шешим табыў оғада әҳмийетли мәселелердиң бири есапланады.
Өткерилген мәжилисте мине, усы бағдардағы мәселелер кең түрде талқыланды. Халықты қыйнап келген мәселелерге шешим табыўдың анық механизмлери көрсетип берилди. Сондай-ақ, ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында усы жылдың 13-март күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгиленген ўазыйпалар ҳәм мүрәжатлар менен ислеў системасын жетилистириў механизмлери түсиндирип өтилди.
Буннан тысқары, жақында қабыл етилген «Халық пенен пикирлесиў системасын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы 51-санлы пәрманның мазмун-мәниси, оны турмысқа енгизиў бойынша анық илажлар көрип шығылды.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша ҳәр бир басшы пуқаралар тәрепинен көтерилген ҳәр қандай мүрәжатты итибарға алып, жуўапкершилик пенен қараўы, билдирилген мәселе, әлбетте, шешимин табыўы керек екенлиги айрықша атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.