Халықаралық метрлик конвенция: Жәҳән саўда шөлкемине қосылыўдың әҳмийетли шәрти

    Пикир 10 желтоқсан 2025 23

    2025-жыл 27-ноябрьде Президентимиз "Халықаралық метрлик Конвенцияға Өзбекстан Республикасының қосылыўы ҳаққында"ғы нызамға қол қойды. Бул конвенцияға қосылғаны мәмлекетимиздиң раўажланыўында тарийхый әҳмийетке ийе ўақыя сыпатында атап өтилди.

    Бул тек ғана техникалық тараў емес, ал миллий экономика, халықаралық саўда, илимий потенциал ҳәм пуқаралардың турмыс сапасына үлкен тәсир көрсететуғын оғада әҳмийетли стратегиялық қарар болды. Жаңа Өзбекстан ушын жәҳән стандартларына үйлесиў, глобал илим майданынан мүнәсип орын ийелеў, экспорт потенциалын арттырыў ҳәм заманагөй метрология инфраструктурасын жаратыўда өзиниң әмелий көринисин таппақта.

    Халықаралық метрлик конвенция 1875-жылы 20-май күни Парижде қабыл етилген. Ол илимий метрология тарийхындағы ең әҳмийетли ҳүжжетлерден бири болып, өткен әсирлердеги техникалық келиспеўшиликлерди сапластырыўды нәзерде тутқан. Бул конвенция Парижде өткерилген дипломатиялық конференцияда сол дәўирдиң алдынғы мәмлекетлериниң қатнасыўында қабыл етилген ҳәм дүнья көлеминде бирден-бир, анық ҳәм исенимли өлшеў системасын жаратыўға қаратылған.

    Конвенция қабыл етилген дәўирде ҳәр қыйлы мәмлекетлерде ҳәр қыйлы өлшеў системасы болған. Сол себепли саўда, санаат ҳәм илим тараўларында көплеген қыйыншылықлар пайда болған. Бул машқалаларды шешиў ушын улыўма инсаныйлық шешим сыпатында бирден-бир метрологиялық тийкар жаратыў зәрүрлиги туўылған. Парижде қабыл етилген талаплар мине усы машқалаларға бағдарланған болып, барлық мәмлекет ушын улыўма эталон ҳәм өлшеў қағыйдаларын белгилеп берди.

    Конвенцияға қол қойылғаннан кейин мәмлекетлер оған басқышпа-басқыш қосылып барды. Бүгин дерлик барлық регион бул конвенцияның қатнасыўшысы болып есапланады. Бул ҳүжжеттиң глобаллық әҳмийети ҳәм универсал қунын және де арттырған. Конвенцияның әмелий орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Парижде Халықаралық тәрези ҳәм өлшеўлер бюросы шөлкемлестирилген. Бюро халықаралық эталонларды сақлаў, турақлы жаңалаў ҳәм ағза мәмлекетлер менен илимий бирге ислесиў ўазыйпаларын атқарады. Сондай-ақ, мәмлекетлер арасында өлшемлер бирлигин тәмийинлеўде глобал илимий орай ўазыйпасын атқарады.

    Бул ҳүжжет қабыл етилгеннен кейин бир неше мәрте жетилистирилди. Бул өзгерислер илимниң раўажланыўы, технологиялардың раўажланыўы ҳәм мәмлекетлер арасындағы экономикалық қатнасықлардың кеңейиўи менен байланыслы. Оның жетиклиги ҳәм заманагөй талапларға сәйкеслиги болса конвенцияның әҳмийетин және де арттырмақта.

    Өзбекстанның Халықаралық метрлик конвенцияға қосылыўы мәмлекетимизде алдынғы метрологиялық системаны қәлиплестириўде әҳмийетли бурылыс ноқаты болды. Бул қәдем миллий стандартлар ҳәм өлшеў процесслерин халықаралық нормалар менен үйлестириў, саўдада ашық-айдынлықты тәмийинлеў ҳәм илимий-изертлеў жумысларын жаңа басқышқа көтериў имканиятын береди.

    Мәмлекетимиз енди халықаралық консультатив комитетлерде қатнасыўы, Халықаралық тәрези ҳәм өлшеўлер бюросының әмелий жумысында толық ҳуқықлы қатнасыўшысына айланыўы, миллий қәнигелердиң сырт елдеги лабораторияларда тәжирийбе арттырыўын тәмийинлеўи мүмкин. Бул болса Өзбекстанда жоқары маманлықтағы метролог кадрларды жетистириўди тезлестиреди. Илимий потенциалды күшейтеди ҳәм ишки инфраструктураны түп-тийкарынан жаңалайды.

    Метрология ҳәм экономика арасында үзликсиз байланыслылық бар. Рәсмий тән алынған өлшемлерсиз экспорт-импорт процесиндеги баҳалаў, сапа қадағалаўы ҳәм өним қәўипсизлиги мәселелери жетерли дәрежеде шешилмейди. Сол себепли конвенцияға қосылыў экономика ушын экономикалық қатнасықларда техникалық тосқынлықларды азайтыў, экспорт өнимлериниң халықаралық базарда тән алыныўында жаңа имканиятлар жаратыў, инновациялық технологиялар ҳәм заманагөй өндирис процесслерин енгизиўди аңсатластырыў, сырт ел инвесторлары ушын исенимли орталық жаратыў, санаатта сапа басқарыўын жақсылаў сыяқлы бағдарларда стратегиялық әҳмийетке ийе.

    Өзбекстанда ислеп шығарылып атырған өнимлердиң халықаралық базардағы бәсекиге шыдамлылығы өлшеўлердиң анықлығы ҳәм стандартларға муўапықлығы менен анықланады. Метрологиялық базаның күшейиўи болса миллий экономиканың турақлы раўажланыўына хызмет етеди.

    Мәмлекетимиздиң Жәҳән саўда шөлкемине қосылыў процесинде техникалық тосқынлықларды сапластырыў тийкарғы шәртлерден бири болып есапланады. Халықаралық метрология системасына толық интеграцияласыў бул процессти сезилерли дәрежеде жеңиллестиреди. Себеби ЖСШ стандартлар, техникалық регламентлер ҳәм өлшемлердиң бирдейлигине қатаң итибар қаратады. Өзбекстанның конвенцияға қосылыўы усы талапларға толық сәйкес келеди. Бул болса экспорт процесинде өлшеў нәтийжелериниң тән алыныўы, халықаралық саўдада артықша тексериўлер ҳәм сертификатлаў талапларының азайыўы, мәмлекет брендине исенимниң артыўына алып келеди.

    Жаңа Өзбекстанда стандартластырыў, метрология ҳәм муўапықлықты баҳалаў тараўларындағы илимий изертлеўлердиң жедел раўажланыўы мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың әмелий нәтийжелеринен бири болып, бул процесс анық мысаллар менен де тастыйықланады. Мәселен, Өзбекстан Миллий метрология институты тәрепинен термотехника, электр қураллары, масса ҳәм нурланыўға байланыслы эталон базасының жаңаланыўы, кәрханаларда өлшеў қуралларының халықаралық нормаларға муўапық тәризде сынақтан өткерилиўи, санаат тармақларында импорттың орнын басатуғын өнимлердиң сапасын ҳәм қәўипсизлигин баҳалаў бойынша жаңа методикалардың енгизилиўи илимий тийкарланған қолланбалардың әмелий нәтийжелери болып есапланады. Сондай-ақ, миллий стандартлар фондының жаңаланыўы, жаңа әўлад лабораторияларының шөлкемлестирилиўи, энергетика, фармацевтика, азық-аўқат, минерал шийки зат ҳәм санаат тараўлары ушын онлаған халықаралық ISO ҳәм IEC стандартларының локализацияланыўы мәмлекеттиң илимий потенциалының әмелий көриниси болып есапланады.

    Буннан тысқары, кәрханаларда санлы өлшеў платформалары, лаборатория менеджменти, өним қәўипсизлиги ҳәм аттестация процесслерин автоматластырыўшы жергиликли бағдарламалардың ислеп шығылыўы жаңа Өзбекстанның стандартластырыў ҳәм метрология тараўындағы илимий-инновациялық раўажланыўға қосып атырған үлкен үлесин көрсетеди.

    Халық ушын Халықаралық метрлик конвенцияға қосылыўдың әҳмийети сонда, барлық өлшеў қуралларында анықлық ҳәм әдиллик тәмийинлениўи пуқаралардың күнделикли қәрежетине тиккелей тәсир етеди. Мәселен, базарда қарыйдар сатып алған гөш, мийўе-овош ямаса дән өниминиң салмағы пүткиллей анық өлшениўи, артықша ямаса аз шығарып жибериў жағдайларының алды алынады. Жанылғы қуйыў шақапшаларында автотранспорт қуралларына қуйылған бензин ямаса газдиң көлеми ҳақыйқый муғдарға сәйкес болыўы тәмийинленеди. Бул болса ҳәр бир литр ушын әдалатлы төлемди кепиллейди. Дәриханаларда дәри-дәрмақлар дозасын анық өлшеў наўқас саламатлығы ушын жүдә әҳмийетли болып, анық емес өлшеў арқалы дәри аз ямаса көп берилиў итималы кескин азаяды. Коммуналлық хызметлерде де халықтың мәпи қорғалады: электр энергиясы, ыссылық, суў ҳәм газ есаплағышлары халықаралық критерияларға муўапық тәризде тексерилиўи есап-санақлардың ашық-айдын ҳәм исенимли болыўын тәмийинлейди. Тутыныўшылар ҳәр бир сатып алыў, хызмет ямаса есап-санақта әдиллик, анықлық ҳәм ашық-айдынлықты сезеди. Бул болса халықтың турмыс сапасын ҳәм мәмлекетке исенимди және де арттырады. Өлшеўлер анықлығы қаншелли жоқары болса, тутыныўшының ҳуқықлары соншелли қорғалған болады. Сапасыз ҳәм қәўипли өнимлер кирип келиўиниң алды алынады, энергия ҳәм ресурслардан пайдаланыўда ашық-айдынлық тәмийинленеди.

    Халықаралық метрлик конвенцияға қосылыў Өзбекстан ушын тек ғана техникалық процесс емес, ал стратегиялық бағдар сыпатында айрықша әҳмийетке ийе. Бул қәдем мәмлекетимизде илимий потенциалды беккемлейди, сапа инфраструктурасын заманагөй дәрежеде қәлиплестиреди, халықаралық экономикалық интеграцияны жеделлестиреди.

    Соның менен бирге, бул жаңалық мәмлекетимизге халықаралық консультатив комитетлер ҳәм Халықаралық тәрези ҳәм өлшеўлер бюросы лабораторияларының жумысында толық түрде қатнасыў, миллий қәнигелердиң сырт елде тәжирийбе арттырыўы ҳәм стажировкаларда қатнасыўы, халықаралық саўдада техникалық тосқынлықларды азайтыў, жергиликли өнимлердиң жәҳән базарында бәсекиге шыдамлылығын арттырыў сыяқлы кең имканиятлар жаратады. Сондай-ақ, инвесторлар ҳәм халықаралық шөлкемлердиң исенимин беккемлейди, экспорт потенциалын кеңейтиўге хызмет етеди, халықаралық тән алынған өлшеў нәтийжелеринен пайдаланыў имканиятын береди, мәмлекетимиздиң халықаралық рейтинг ҳәм индекслердеги көрсеткишлерин жақсылайды.

    Президентимиз тәрепинен қол қойылған нызам елимизде анық ҳәм исенимли өлшеў әмелиятын халықаралық нормалар дәрежесинде раўажландырып, метрология тараўында турақлы өсиўди тәмийинлеў ҳәм жаңа Өзбекстанның глобаллық жәмийетшиликтеги абырайын және де беккемлеўге хызмет етеди.

    Наибахон МАМАДАЛИЕВА,

    Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги

    директоры мәсләҳәтшиси,

    филология илимлериниң докторы, профессор

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates