Халықаралық институтлар ислеп шыққан қағыйда ҳәм нормалар бүгин нәтийжесиз болып атыр - Президент

    Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында басланған видеоселектор мәжилисинде дүньяда жүз берип атырған экономикалық ҳәм саўда шеклеўлериниң Өзбекстанға тәсирин жумсартыў мәселелери додаланбақта.

    Бәринен бурын, мәмлекетимиз басшысы глобаллық экономикалық жағдайға тоқтап өтти.

    "Ҳәзирги дүнья бурынғыдай емес. Гәп тариф ямаса олардың муғдарында да емес. Узақ жыллар даўамында мәмлекетлер арасында турақлы қатнасықлар ҳәм өз-ара исенимди тәмийинлеген халықаралық институтлар, олар ислеп шыққан қағыйда ҳәм нормалар бүгин нәтийжесиз болып бармақта.

    Әлбетте, бул процесслер шынжырлы тәсир көрсетип, жәҳән экономикасының төменлеўи ҳәм халықаралық саўданың азайыўына алып келиўи мүмкин", - деди Президент.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates