Бул ҳаққында Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы мәлим етти.
Хабарға бола, бул атақ бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы тийкарында берилди.
Ҳәзирги күнде жазыўшы өзиниң қутлы 70 жыллығын белгилемекте.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи - Спичрайтер, белгили жазыўшы Хайриддин Султонов 1956-жыл 19-январьда Ташкент ўәлаяты Қибрай районында туўылған.
Хайриддин Султанов 1978-жылы Ташкент мәмлекетлик университети (ҳәзирги Өзбекстан Миллий университети) ниң журналистика факультетин тамамлаған. Мийнет жолын "Гүлистан" журналында баслап, кейин "Жаслық" журналында, Ғафур Ғулам атындағы Әдебият ҳәм көркем өнер баспасында жумыс иследи.
Жазыўшының "Қуяш ҳәммеге теңдей", "Бир ақшам ертеги", "Анамның журты", "Өмир болса өтпекте", "Бабурдың түслери", "Бабурийнама" ағартыўшылық романы, "Тоқшылық ҳәм жоқшылық", "Бахыт жағысы" сыяқлы прозалық китаплары басып шығарылды. Сондай-ақ, ол "Шаңарақ", "Өтмиштен бир бет", "Меҳрабтан шаян" сыяқлы видеофильмлер, "Түслеримде көрип жылайман", "Жалғыз естелигим" сыяқлы көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлер сценарийлериниң авторы болып есапланады.
Жазыўшы Хайриддин Султанов шебер аўдармашы сыпатында А.Цент-Экзюпери, Ю.Нагибин, В.Шукшин, В.Распутин, А.Якубан, С.Свигун, О.Ипатова сыяқлы жазыўшылардың шығармаларын өзбек тилине аўдарған.
Хайриддин Султанов 1996-жылы "Шуҳрат" медалы, 2003-жылы "Меҳнат шуҳрати" ордени, 2006-жылы "Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист" атағы ҳәм 2016-жылы "Фидокорона хизматлари учун" ордени менен сыйлықланды.