Бул келисим өндирис, билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў тараўларында тәжирийбе алмасыў, Қытай алымлары менен бирге ислесиўде кән электромеханикасы тараўында жаңа перспективалы қоспа жойбарларды әмелге асырыў, билимлендириў процесине инновациялық технологияларды енгизиўди нәзерде тутады.
Буннан тысқары, Алмалық мәмлекетлик техника институты негизинде "CONCH Cement" компаниясының структуралық бөлимлери ушын кадрлар таярлаў ҳәм қайта таярлаў, компания хызметкерлериниң маманлығын арттырыў, биргеликте илимий-изертлеў ҳәм тәжирийбе-конструкторлық жумысларын алып барыў мәселелери келисип алынды.
Онда кәрхана ушын перспективалы бағдарлар бойынша қәнигелер таярлаў, студент ҳәм профессор-оқытыўшылардың Қытай ҳәм басқа да сырт мәмлекетлерде стажировкаларын шөлкемлестириў, кәрхананың әҳмийетли машқалалары бойынша илимий изертлеўлер алып барыў сыяқлы бир қатар бағдарлар бойынша усыныслар алға қойылды.
Атап өтилгениндей, булардың барлығы мәмлекетимиз басшысының өзиниң Қарарында усы жоқары билимлендириў мәкемеси алдына қойған тийкарғы мақсети - Институтта геология, металлургия ҳәм техника тараўына қәнигелескен дүнья дәрежесиндеги алдыңғы инженерлик мектебин шөлкемлестириўге қаратылған.
Ҳәзирги ўақытта Қытайдың "CONCH Cement" компаниясы дүнья бойлап цемент ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығаратуғын жүзлеген кәрханаларды бирлестирген, таў-кән санаатының ең ири ўәкиллеринен бири болып есапланады. Жылына жүз миллионлаған тонна өним ислеп шығарып, дүньяның 20 мәмлекетине экспорт етпекте.