Илажда еки мәмлекет билимлендириў министрлери, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстан билимлендириў тараўының басшылары қатнасты. Атап айтқанда, Самарқанд агроинновациялар ҳәм изертлеўлер институтының ўәкиллери де қатнасты.
Саммитте Шинжон аўыл хожалығы университети, Хохай университети, Арқа-батыс А&Ф университети, Ташкент мәмлекетлик аграр университети ҳәм Самарқанд агроинновациялар ҳәм изертлеўлер институты арасында Суў-топырақ ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, шорланған жерлердиң жағдайын жақсылаў ҳәм дәрья-көл системасын қорғаў бойынша Қытай-Өзбекстан халықаралық биргеликтеги изертлеў орайын шөлкемлестириў ҳаққындағы келисимге қол қойылды.
Келисимниң тийкарғы мақсети - еки мәмлекет арасында суў ҳәм топырақ ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, шорланған жерлерди комплексли басқарыў, дәрья-көл системаларын экологиялық жақтан тиклеў ҳәм алдынғы технологияларды енгизиў ҳәм басқа да бағдарларда турақлы бирге ислесиўди жолға қойыўдан ибарат.
Келисимге бола, орай шеңберинде:
60 жоқары маманлықтағы илимпазлардан ибарат илимий топар қәлиплестириледи;
60 тан аслам илимий мақалалар басып шығарылады;
2-3 халықаралық илимий симпозиумлар өткериледи;
10-20 халықаралық магистр ҳәм докторантлар биргеликте таярланады.
Бул баслама Орайлық Азияда суў ҳәм топырақ ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлейтуғын техникалық шешимлер, биоселекция ҳәм ақыллы аўыл хожалығы тараўларында терең илимий изертлеўлерди раўажландырыў, сондай-ақ, азық-аўқат ҳәм суў қәўипсизлигин тәмийинлеўде илимий, әмелий тийкар болып хызмет етеди.











