Жоқары дәрежедеги илажларға бай бағдарлама шеңберинде Хожанд қаласында Президент Шавкат Мирзиёев Президент Эмомали Раҳмон менен сөйлесиў өткерди, Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан басшыларының қоспа ушырасыўында қатнасты.
Дослық стеласының ашылыў мәресими ҳәм үш мәмлекеттиң мәмлекетлик шегараларының тутасқан ноқаты ҳаққындағы тарийхый шәртнамаға қол қойылыўы болып өтти.
Жетекшилер тарийхый-мәдений комплекс - Хожанд қаласына барып, көркем өнер шеберлериниң биргеликтеги концерт бағдарламасын тамашалады.
Аэропортта Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон шығарып салды.
Мәмлекетимиз басшысы Ташкентке жөнеп кетти.