Бул ҳаққында Олий Мажлис Сенатының мәлимлеме хызмети хабар берди.
Атап өтилиўинше, усы жылдың 11-август күни болып өткен Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңесиниң баслығын сайлаў мәселеси көрип шығылды.
Олий Мажлис Сенаты Кенгашы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң усынысына бола Холмўмин Ёдгоровты Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңесиниң баслығы лаўазымына сайлаў ҳаққында қарар қабыл етилди.
Еслетип өтемиз, Ол 2020-жыл 10-августтан берли Судьялар жоқары кеңесине басшылық етип келмекте. Жуўапкер ўәкиллик мүддети тамамланғаны себепли қайта сайланды.









