Төмендегилер усы қарардың тийкарғы мақсет ҳәм тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди, соның ишинде:
- жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахслардың ықтыярлы түрде рәсмий секторда ислеўин хошаметлеўши бәсекиге шыдамлы ҳәм ашық-айдын исбилерменлик орталығын қәлиплестириў;
- ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалардың тәкирарланатуғын ҳәм артықша талапларын бийкарлаў;
- мәмлекетлик дизимнен өткериўден баслап есабатты тапсырыўға шекемги барлық тийкарғы хызметлерди бирлестиретуғын интеграцияласқан санлы платформаларды жаратыў;
- нақ пулсыз төлемлерди қабыл етиў ушын қолайлы ҳәм нәтийжели механизмлерди енгизиў.
Қарарға бола, жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахсларға мәмлекетлик ҳәм финанслық хызметлерди онлайн тәризде көрсетиў бойынша арнаўлы ҳуқықый режим енгизиледи.
2026-жыл 1-январьдан баслап төмендегилер бийкар етиледи:
- жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын қатаң белгиленген муғдарда физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығын төлеў тәртиби;
- салық дәўиринде товарларды (хызметлерди) реализациялаўдан дәраматы жүз миллион сумнан аспаған өзин-өзи бәнт еткен шахсларды айланыстан алынатуғын салық төлеўден азат етиў тәртиби.
Жыллық айланысы 1 миллиард сумға шекемги жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахслар ушын айланыстан алынатуғын салық ставкасы 1 процент муғдарында белгиленеди.