Бул ҳаққында Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

Робототехнологиялар - заманагөй медицинаның келешеги. Сол себепли Президентимиз өткен жылы тараў хызметкерлери менен болған ушырасыўда қәнигелестирилген медицина орайларының алдына усы алдынғы санлы шешимлерди әмелиятқа кеңнен енгизиў ўазыйпасын қойған еди.

Итибарлы тәрепи, академик В.Воҳидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий медицина орайы мәмлекетимиз басшысының усы тапсырмасы тийкарында бириншилерден болып робот-ассистентли хирургиялық системаны жолға қойды.

Бул болса Өзбекстан денсаўлықты сақлаў системасы тарийхында әҳмийетли ўақыя болды. Усы тәризде бул орай бундай заманагөй технологияны әмелиятқа енгизген гезектеги мәмлекетлик емлеў мәкемесине айланды.

Бүгин усы әҳмийетли ўақыяға бағышланған илаж болып өтти. Онда Денсаўлықты сақлаў министриниң биринши орынбасары А.Бобоев қатнасты.

Сондай-ақ, презентацияда барлық ўәлаятлық көп тармақлы емлеўханалардың хирургия бөлимлериниң хызметкерлери видеоконференцбайланыс арқалы қатнасты.