Кейинги жылларда мәмлекетимизде санаатластырыў сиясаты жаңа басқышқа көтерилди. Өзине тән өндирис қуўатлылығы ҳәм халықаралық технологиялық стандартлар тийкарында экономикалық өсиў модели қәлиплести.
"Жаңа әўлад" арнаўлы санаат зонасы мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 20-марттағы тийисли қарарына тийкарланып шөлкемлестирилген. Ол заманагөй өндирис инфраструктурасы, қолайлы логистика имканиятлары ҳәм инвесторлар ушын жаратылған кең имканиятлар менен ажыралып турады.
Аймақтағы перспективалы жойбарлардан бири “East Can Solutions” компаниясы тәрепинен әмелге асырылмақта. Бул жерде алюмин қадақ ислеп шығарыў ҳәм салқын ишимликлер қуйыў комплекси шөлкемлестирилди.
Президентимиз жойбардың перспективасы, ол жерде таярланып атырған өнимлердиң көргизбеси менен танысты. Усы жерде жойбарға рәсмий старт берилди.
Кәрхана 21 гектар аймақта жайласқан. Баҳасы 90 миллион доллар болған бул жойбар тийкарынан сырт ел инвестициялары есабынан қаржыландырылмақта.
Орайлық Азиядағы санаўлы кәрханалар қатарына киретуғын бул комплекс АҚШ, Уллы Британия, Италия ҳәм Германияда ислеп шығарылған заманагөй үскенелер менен тәмийинленди. Өндирис процеси болса толық санластырылған.
Кәрханада өндирис қуўатлылығы басқышпа-басқыш арттырып барылады. Биринши басқышта жылына 600 миллион дана, кейинги басқышларда болса 1,1 миллиард ҳәм 2,2 миллиард дана алюмин қадақлаў өнимлери ислеп шығарылады. Бул көрсеткишлер тек ғана ишки базардың талабын қанаатландырыў емес, ал регионаллық көлемде бәсекиге шыдамлы өнимди экспорт етиў имканиятын да жаратады.
Жойбардың иске қосылыўы нәтийжесинде 60 миллион долларлық импорттың орны қапланып, 20 миллион долларлық экспорт имканияты жаратылады.
Локализациялаў дәрежеси 90 процентке жеткериледи. Итибарлы тәрепи, кәрханадағы барлық жойбарлар толық иске қосылыўы менен 500 жаңа жумыс орны жаратылады. Бюджет ушын болса салмақлы салық түсимлери тәмийинленеди.
Президентке бул жерде "Жаңа әўлад" арнаўлы санаат зонасында әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында мәлимлеме берилди.
Жуўапкерлер санаат зонасының улыўма раўажланыў стратегиясы, локализациялаў, санластырыў ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша исленген жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди.
Бул жерде азық-аўқат, электротехника, машина қурылысы, химия ҳәм қурылыс материаллары бағдарларында жәми 1 миллиард 200 миллион долларлық 58 жойбар әмелге асырылмақта. Мәмлекетимиз басшысына олардың 28 и таныстырылды. Жақын келешекте әмелге асырылатуғын бул басламалардың әмелге асыўы нәтийжесинде 7 мың 600 жаңа жумыс орны жаратылады.
Олар тек ғана экономикалық нәтийже емес, ал жаңа жумыс орынлары, экспорт потенциалы ҳәм жергиликли өндирис тармақларын раўажландырыў арқалы социаллық турақлылыққа да хызмет ететуғыны атап өтилди.












