Саммитте Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шайх Муҳаммад Ол Наҳаён, Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Италия Республикасының Бас министри Жоржа Мелони, Малайзия Бас министри Анвар Иброҳим, Финляндия Республикасының Бас министри Петтери Орпо және бир қатар басқа да мәмлекетлердиң мәмлекет ҳәм ҳүкиметлери, халықаралық шөлкемлер ҳәм қаржы институтларының басшылары қатнаспақта.
Форумның күн тәртибине муўапық, турақлы раўажланыўды тәмийинлеў, инновациялар, "жасыл" экономика ҳәм регионаллық өз-ара байланыслылықты алға қойыў мәселелери додаланды.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде бүгинги күнде энергетика дәреклерин диверсификациялаў, олардағы углеводород үлесин кескин азайтыў - ықлым өзгериўи ақыбетлерин жумсартыў, турақлы раўажланыў ҳәм глобаллық қәўипсизликти тәмийинлеўдиң тийкарғы шәрти екенин атап өтти.
Жаңа Өзбекстанның стратегиялық мақсети - экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, экономикалық өсиўдиң ресурсларды үнемлеўге тийкарланған "жасыл" раўажланыў моделине өтиў болып есапланады.
- Сол себепли 2025-жылды Өзбекстанда "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы" деп жәрияладық, - деди Шавкат Мирзиёев.
Өзбекстан Президенти елимизде Кем углеродлы раўажланыў бойынша узақ мүддетли стратегия ҳәм "жасыл" қаржыландырыў миллий бағдарламасы ислеп шығылғанын, инвестициялық жойбарларда "жасыл" компонентлер келеси бес жылда 50 процентке шекем көбейтилетуғынын атап өтти.
Ыссыхана газлерин мониторинг етиў ҳәм эмиссия квоталары саўдасы бойынша миллий системаларды енгизиў жумыслары даўам етпекте. 2030-жылға барып ыссыхана газлери шығарылыўын 35 процентке қысқартыў ҳәм бул миннетлемени басқышпа-басқыш арттырып барыў режелестирилген.
"Жасыл мәкан" бағдарламасы шеңберинде қалалар аймақларының кеминде 30 проценти көклемзар майданларға айландырылады. Аўыл хожалығында суўды үнемлейтуғын технологияларды 100 процент енгизиў системалы илажлар көрилмекте.
Шавкат Мирзиёев тез пәтлерде өсип баратырған экономикамыздың энергетикаға болған талабын толық қанаатландырыў ушын "жасыл" қуўатлықлар жедел раўажландырылып атырғанына итибар қаратты.
- Өткен 5 жылда энергетика тараўына дерлик 20 миллиард доллар сырт ел инвестициялары тартылды ҳәм 9,6 гигаватт заманагөй энергия қуўатлықлары иске қосылды. Соның ишинде, 3,5 гигаваттлы 14 қуяш, самал электр станциялары ҳәм 300 мегаваттлы 2 сақлаў системалары иске қосылды, - деди мәмлекетимиз басшысы.
Ҳәзирги ўақытта сырт елли шериклер менен баҳасы 26 миллиард доллардан аслам ҳәм улыўма қуўатлылығы 24 гигаватт болған 50 ден аслам ири жойбарлар әмелге асырылмақта. 2030-жылға шекем мәмлекетимизде қайта тиклениўши энергия үлесин 54 процентке жеткериў режелестирилген.
- Бүгинги күнде "жасыл" раўажланыў Өзбекстанда улыўма миллий ҳәрекет дәрежесине көтерилди, - деди Шавкат Мирзиёев.
Мәмлекетимиз басшысы бул бағдарда регионаллық бирге ислесиўди және де күшейтип, Орайлық Азияны "жасыл" экономикалық раўажланыў ҳәм "таза энергия" орайларынан бирине айландырыў әҳмийетли екенин атап өтти.
Әййемги Уллы жипек жолын өз-ара энергетикалық байланыс арқалы тиклеў жолында да дәслепки қәдемлер тасланды. Жақында COP-2 саммити шеңберинде Қазақстан ҳәм Әзербайжан менен қол қойылған көп тәреплеме келисим Европаға "жасыл" энергияны экспорт етиў имканиятын береди.
- Соны айрықша атап өтпекшимен, "жасыл" энергетика тараўында Бирлескен Араб Әмирликлери бизиң исенимли ҳәм стратегиялық шеригимиз болып есапланады, - деди Өзбекстан жетекшиси.
Кейинги жыллары Әмирликлер менен инвестициялар портфели 26 миллиард доллардан асты. Олардың арасында қайта тиклениўши энергетика жойбарлары тийкарғы локомотив болмақта.
“Masdar” компаниясы менен улыўма қуўатлылығы 1,5 гигаватт болған 5 электр энергиясы объекти иске қосылды. Және 1,6 гигаваттқа тең 3 генерация жойбары ҳәм дерлик 520 мегаватт саат энергия сақлаў системалары қурылады.
Бундай жойбарлар Әмирликлердиң басқа да жетекши компаниялары және Саудия Арабстаны, Қатар, Түркия, Қытайлы шериклер менен де әмелге асырылмақта.
Президент Шавкат Мирзиёев мәмлекетимиз Орайлық Азияның қуяш, суў, самал энергиясы ҳәм "жасыл" водородты ислеп шығарыў бойынша үлкен потенциалын биргеликте раўажландырыўдан мәпдар екенин атап өтти.
Дәслепки есап-санақларға бола, тек ғана Өзбекстанның өзинде 500 гигаватт қуяш, 100 гигаватт самал ҳәм 10 гигаватт гидроэнергетика ислеп шығарыў потенциалы бар.
Регионымыз үлкен уран ҳәм оғада әҳмийетли стратегиялық шийки зат резервлерине бай.
- Бул бағдарда ҳәр бир сырт елли шеригимизге барлық қолайлы шараятларды жаратып бериўге таярмыз, - деди Өзбекстан жетекшиси.
Президентимиз әнжуманда қатнасып атырған абырайлы илимий орайлар, эксперт ҳәм илимпазларды Ташкентте ашылған "Жасыл" университет пенен изертлеўлер ҳәм инновациялық бағдарламаларды әмелге асырыўда белсене бирге ислесиўге шақырды.
Усы университет негизинде Жер деградациясы ҳәм шөллениўге қарсы гүресиў бойынша халықаралық илимий-изертлеў тармағын жаратыў усыныс етилди.
Дубай ҳәм Бакуде болып өткен “COP-28” ҳәм “COP-29” саммитлери және басқа да халықаралық форумларда Өзбекстан глобал ықлым өзгериўлериниң унамсыз ақыбетлерин сапластырыў ушын бир қатар басламаларды алға қойған еди.
Ықлым себепли жоғалтыўлар ҳәм зыянларды баҳалаў бойынша халықаралық орайды шөлкемлестириў, дәрья экосистемаларының қәўипсизлигин тәмийинлеў, Суўды үнемлеўши технологиялар регионаллық хабын шөлкемлестириў, Өсимликлер генетикалық ресурслары банкин жаратыў солардың қатарына киреди.
- Бул бағдарда барлық шериклеримиз бенен әмелий жумысларды баслаўға таярмыз, - деди Өзбекстан Президенти.
Мәмлекетимиз басшысы усы жылы Өзбекстанда өтиўи режелестирилген Орайлық Азияның глобал ықлым машқалаларына бағышланған конференцияда улыўма регионаллық Жасыл раўажланыў концепциясы усынылатуғынын айтты.
Сондай-ақ, саммитте қатнасып атырған мәмлекетлердиң ўәкиллери 15-май - Халықаралық ықлым күнинде Аралбойы регионында болатуғын Санлы "жасыл" басламалар глобаллық жаслар фестивалына мирәт етилди.
Сөзиниң жуўмағында мәмлекетимиз жетекшиси Жаңа Өзбекстан турақлы раўажланыў ҳәм "жасыл" раўажланыў жолындағы кеңнен бирге ислесиўге пүткил дүньяға ашық екенин атап өтти.