Алдын хабар бергенимиздей, "Янги Ўзбекистон" газетасында ҳәр ҳәптениң жума күни "Тамаддүн тафаккури" атамасында арнаўлы қосымша бетлер усыныс етилип барылады. Бул санда Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайына арнаўлы бетлеримиз арқалы барасыз, ўатанласларымыз ҳәм пүткил дүнья мәмлекетлеринен келип атырған туристлердиң тән алыўлары, сырт ел басылымларында орай ҳаққында жәрияланған мақалалардың шолыўлары менен танысасыз, комплексти зыярат етиўдиң тәртип-қағыйдаларын билип аласыз. Сондай-ақ, "Ўақыт дийўалы" бойлап виртуал саяхат етесиз.
Сондай-ақ, усы арнаўлы бетлерде
академик Шуҳрат Сирожиддиновтың Муаззам кошона;
сиясий илимлер докторы, профессор Ҳусниддин АҲМЕДОВтың Илим-мәрипат ядросы атамасындағы мақалалардың электрон түри менен танысыўыңыз мүмкин.