Бул жәмийетлик-сиясий басылым өз алдына қаншелли үлкен мақсет ҳәм режелер қойғанлығы оның атынан да айқын көринеди. Ҳақыйқатында да, бүгин Өзбекстан өз раўажланыўының пүткиллей жаңа, және де жоқары басқышына қәдем қоймақта... ...Усындай уллы ҳәм тарийхый өзгерислердиң өзине тән айнасы болып жүзеге шығып атырған газета елимиздеги демократиялық реформалар, аймақлардағы шексиз дөретиўшилик жумысларының әҳмийети ҳәм нәтийжелерин қалыс ҳәм ҳақыйқый сәўлелендириўге, халық ўәкиллери ҳәм жәмийетшилик пикирин қәлиплестириўге, бар машқала ҳәм кемшиликлерди аналитикалық материаллар арқалы исенимли көтерип шығып, мәлимлеме мәканында мүнәсип орын ийелейтуғынына исенемен.
Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң
"Янги Ўзбекистон" газетасы жәмәәтине қутлықлаўынан.
Ҳақыйқатында да, бизлер жаңа дәўир адамларымыз. Турмысымыздың мазмуны да, гөзлеп атырған мәнзиллеримиз де, жасаўдан мақсетимиз де өзгеше.
Миллий Жолбасшымыз Шавкат Мирзиёев сиясий қәбилетке келген дәслепки күнлерден-ақ халқымыздың турмысында үлкен өзгерислер басланды. Ҳәр бир реформада инсан қәдири биринши орынға қойылды.
Бүгин кескин өзгерислер бақланып атырған заманагөй дүньяда ҳәр бир мәмлекет ҳәм миллий жәмийет ушын идеологиялық жол, турмыслы идеялар оғада зәрүр. Буларсыз раўажланыўдың ҳеш қандай мүмкиншилиги жоқ.
Тилеги уллы халықпыз. Себеби, мине, усындай қыйын шараятта Президентимиз Шавкат Мирзиёев "ЖАҢА ӨЗБЕКСТАН" ИДЕЯСЫН алға қойды.
Ендиги пикирлеримиз мине усы қүдиретли идеяның раўажланыўшы күши ҳаққында болады.
Турмыслық идея
2017-2018-жыллар мәмлекетимиз ҳәм халқымыз турмысы ушын оғада үлкен тарийхый өзгерислердиң басланыўы ҳәм жедел раўажланыў дәўири болды. Мине усы еки жыл даўамында бүгин биз ерискен пүткил дүньядағы нәтийжелердиң тырнақ тасы қойылды.
Нәўбет миллий раўажланыўымыздың кейинги басқышына руўхландырыўшы күш, қәдирият түс бериўге келди. Президентимиз Шавкат Мирзиёев бул ояныў кодын жоқарыда айтқанымыз - "Жаңа Өзбекстан" идеясы менен беккемледи.
Бул идеяның негизинде халқымыздың санасында басланған өзгерислер, кейпиятындағы көтериңки руўх, раўажланыўға болған сағынышлы умтылыс жәмлемеси бар еди. Улыўма етип айтқанда, жәмийетимиз бундай қүдиретли идеялық үстинге мүтәжлик сезген дәўирде мәмлекетимиздиң жүрегинде таралған раўажланыў руўхы көп миллетли халқымызды бирден-бир мақсет жолында бирлестирди.
Әрман-үмитлеримиз, ийгиликли мақсетлеримиз жәмленген турмыслық идеяның дәслепки көринислеринен "Янги Ўзбекистон" газетасы 2020-жылы шөлкемлестирилди. Редакцияның тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумысының тийкарғы бағдарлары оғада уллы ҳәм кең көлемли болды.
Олардың барлығын улыўмаластырып айтқанда, мәмлекетимизди социаллық-экономикалық раўажландырыў, халқымыздың турмыс абаданлығын арттырыў, халықаралық майданда ўатанымыздың абырай-мәртебесин арттырыў жолындағы сиясатымыз мазмун-мәниси ҳәм оның нәтийжелерин кеңнен сәўлелендириўден ибарат еди.
Басылымның дәслепки саны Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң "Янги Ўзбекистон" газетасы жәмәәтине жоллаған қутлықлаўы менен басып шығарылды. "Жәмийетимизде пикир ҳәм көзқараслардың ҳәр қыйлылығын, сөз ҳәм мәлимлеме еркинлигин тәмийинлеў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылықты үгит-нәсиятлаў бағдарындағы оғада мақтанышлы жолда редакция жәмәәтине үлкен табыслар ҳәм дөретиўшилик белсендилик бәрқулла жәрдем болыўын тилеймен", деген қутлықлаў бәрқулла алдымызға қойылған оғада үлкен жуўапкершилик сезимин бәрқулла аңлатып турады.
Сол күни газетамызда мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлиске Мүрәжаты да жәрияланды.
"Халқымыз соны жақсы билиўи керек: алдымызда узақ ҳәм машақатлы жол тур. Ҳәммемиз бирлесип, тынымсыз оқып-үйренсек, жумысымызды толық ҳәм нәтийжели орынласақ, заманагөй билимлерди ийелеп, өзимизди аямай алға умтылсақ, әлбетте, турмысымыз ҳәм жәмийетимиз өзгереди", делинген еди Мүрәжатта.
"Жаңа Өзбекстан" идеясы қанымызда уллы ата-бабаларымыздан мийрас жаратыўшылық кодларын оятқанын беккем исеним менен айта аламыз.
Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң "Жаңа Өзбекстан" идеясы пүткил регион бойлап кеңнен тарқалған. Булардың барлығы жәмленип регионымызда татыўлық ҳәм кеңпейиллик, өз-ара байланыслылықта раўажланыў тенденцияларын белгилеп берди.
Бүгин бизге ҳәўес ететуғынлар көп. Әлбетте, көре алмайтуғынлар да табылады. Себеби инсан тәбияты сондай, бес қол бирдей емес. Бул - аксиома.
Бирақ критика да пайдалы. Олардан дурыс жуўмақлар шығарып, бүгин артқа қайтпайтуғын жолымыздан исенимли жеделлесип баратырғанымыздың өзи уллы бахытымыз.
Исенимли халықтың мурады ҳасыл болады
Жоқарыда Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң мәмлекетимизди 2020-жылда ҳәм келеси 5 жылда раўажландырыў бойынша тийкарғы бағдарлар менен ўазыйпаларды белгилеп алыў мақсетлерин сәўлелендирген Мүрәжатынан алған едик. Себеби, биз өткен жыллар даўамында турмысымызды ҳәм жәмийетимизди пидайылық, абадан жасаў тилеги менен мийнет етип өзгерте алдық.
"Жаңа Өзбекстан" идеясының турмыслық көринислери ҳаққында айтып атырмыз. Ўақыт келгенде және бир мәрте айтамыз: исенимли инсанның, халықтың мурады бәрқулла ҳасыл болады.
Исеним өзин өзгертиўге уқыплылық пейли менен үнлес жетиклик. Оған өзимизде мысаллар көп. Мәселен, идеялық тилеклеслигимиз. Биз Жаңа Өзбекстанды қурыў идеясы әтирапында бирлестик. Бир әрманымыз болды, мушты бир жерге урдық. Бурылдық ҳәм өзгердик.
Бул бурылыс қандай болды? «Янги Ўзбекистон» газетасының бес жыллық топламын бирме-бир бетлеп, аналитикалық мақалаларды оқып, мине усы сораўға жуўап табыў мүмкин.
2020-жылларда жазылған мақалалардың руўхы бүгин ерисилген шеклерге қанат бағышлаған сыяқлы. Айтпақшы болғанымыз, Президентимиздиң сиясий ноқат пенен алға қойған басламалары ҳәм жаңа идеялар, мақсетлер көп өтпей, турмыста өз көринисин тапты.
Биз жақын-жақынға шекем Орайлық Азия мәмлекетлериниң аўызбиршилиги және де беккемлениўи ҳаққында қайғыратуғын едик. Мәмлекетимиз басшысының айрықша сиясий ерк-ықрары себепли Орайлық Азия аўызбиршилиги жаңа басқышқа көтерилди. Қоңсы мәмлекетлер менен байланысларымыз түп-тийкарынан жақсыланды. Шегаралар ашылды, бүгин халықларымыз ҳәр қыйлы тосқынлықларсыз барып келе баслады, сырт елли туристлердиң алмасыўында да қолайлы орталық жаратылған, өз-ара саўда мәселелеринде жеңилликлер берилди ҳәм т.б.
Ямаса бир ўақытлары қалаларда жолаўшы тасыў транспортындағы машқалалар ҳаққында жазған едик. Бүгин Ташкентте, ўәлаятлар орайында жолаўшы тасыў системасында түпкиликли өзгерислер болды. Пайтахтымызда иске қосылған жер үсти метро жолы, "Афросиёб" тез жүрер поездының алыс ўәлаятларға да қатнаўы жолға қойылғаны, жүзлеген электробуслар алып келингени, өзимизде электромобиллер ислеп шығарыла басланғаны, жаңа жоллар, көпирлер қурылып атырғаны қуўанышлы, әлбетте.
Заманның жақсылығын қараң, бүгин социаллық қорғаўға мүтәж пуқараларға, кекселер, жалғыз ҳәм күтимге мүтәж адамларға социаллық хызметкерлер бириктирилген. Усындай болатуғыны ҳаққында төрт-бес жыл бурын ойлап көргенбиз бе?!
Бундай мысаллардың шеги жоқ. Айтпақшы болғанымыз исеним өзгериўи ҳаққында еди. Қызғын пикирлесиў ҳәм системалы жақсылықлар инсанның исенимин өзгертиўге уқыплы реформа. Президентимиз мине усы уллылық сиясатын баслап бергенинен кейин халқымызда бүгинги турмысы ҳәм келешегине исеним, биргеликте Жаңа Өзбекстанды қурыў, Үшинши Ренессанс тырнағына тийкар салыўға исеним пайда болды. Нәтийжелер болса көз алдымызда...
Жана Орайлық Азия руўхы
Жумыс столымда Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң "Ҳәзирги заман ҳәм Жаңа Өзбекстан" китабы турады. Онда мәмлекетимиздиң регионаллық сиясаты ҳаққында сөз болып, соның ишинде, былай делинеди: "Ҳәр биримиз қоңсымыздың табысын - өзимиздиң де табыс, оның тыныш ҳәм абадан турмысын - пүткил регионымызда тынышлық ҳәм турақлылықты сақлаўдың гиреўи, деп билиўимиз керек".
"Жаңа Өзбекстан" идеясы сондай - кеңпейил. Бул идея шегаралар арқалы өз сөзин айтпақта, ең әҳмийетлиси, қоңсыларымызға да меҳирли, мәртлик руўх бағышламақта. Ақыбетинде бүгин мине усы уллы идея тийкарында регионымызда "Жаңа Орайлық Азия руўхы" пайда болды.
Буны жоқары дәрежедеги тән алыўлар саўашында да қабыл етиўимиз мүмкин. БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевти регионда исенимли көпир орнатыўшы интакер, тынышлық елшиси деп атады. Европа Кеңесиниң бурынғы басшысы Шарл Мишел болса Өзбекстан мәмлекети басшысы регионда тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеў, Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы саўда ҳәм бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша көплеген баслама ҳәм идеялар генераторы болып атырғанын айрықша атап өткен еди.
Мине усы тән алыўлардан жуўмақ шығарып айтыў керек, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң "Жаңа Өзбекстан" идеясы пүткил регион бойлап кеңнен ен жайған. Булардың барлығы жәмленип, регионымызда татыўлық ҳәм кеңпейиллик, өз-ара байланыслылықта раўажланыў тенденцияларын белгилеп берди.
Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, сиясий ерк-ықрар ҳәм биргеликтеги ҳәрекетлеримиз себепли бүгин Орайлық Азия қоңсышылық, өз-ара пайдалы бирге ислесиў ҳәм турақлы раўажланыў мәканына айланбақта.
Ҳеш гүмансыз, регионымыздағы бундай меҳирли сиясаттың жақтылығы, бәринен бурын, бәршемиздиң биргеликтеги жетискенлигимиз болып табылады.
Бул тосыннан емес. Таллаўлардан да көринеди. Мәмлекетимиз басшысы 2017-2023-жыллары регион мәмлекетлериниң мәпи көзқарасынан жәми 240 тан аслам зәрүр ҳәм әҳмийетли усыныс ҳәм басламаларды, ийгиликли идеяларды алға қойғаны пикиримизди дәлиллейди.
2024-жыл 9-август күни Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа регион мәмлекетлери арасында дослық, қоңсышылық ҳәм өз-ара түсинисиўди раўажландырыўдағы айрықша хызметлери ушын Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Ҳүрмет белгиси салтанатлы тапсырылғаны болса жоқарыдағы барлық тән алыўларды беккемлейди.
Ең үлкен ҳәм ең жас
Жаңа Өзбекстанды қурыўда мәлимлеме тараўын еркинлестириў ҳәм раўажландырыўға да айрықша итибар қаратылып келинбекте. Бул тәреп жаңа редакцияда қабыл етилген Конституциямызда да өз көринисин тапқан. Бас нызамымызда ғалаба хабар қуралларының еркин жумыс алып барыўын тәмийинлеў бойынша әҳмийетли қағыйдалар менен принциплер беккемлеп қойылған, қалаберсе, тараўға байланыслы ҳуқықый тийкарлар жетистирилип барылмақта.
Кейинги жыллары елимизде сөз еркинлиги ҳәм пикирлердиң ҳәр қыйлылығына ерисиў жолында кең имканиятлар берилмекте. Усындай еркин орталықта дүнья жүзине келген «Янги Ўзбекистон» газетасы мәмлекетимиздиң әмелдеги ең ески басылымы - "Правда Востока" газетасы менен бир редакцияда бирлесип атырғанында да үлкен мәни бар.
108 жылдан берли басып шығарылып киятырған "Правда Востока" баспасы өзиниң тарийхый жолында неше дәўирлер дизбегине гүўа болмады дейсиз. Оның сарғайған ҳәр бир бети тарийх ҳақыйқатларын айтып турады. Халқымыздың экономика жылында орынлаўдай оғада үлкен ҳәм көп мақсетлер тур.
Мәмлекетимиз "жасыл" раўажланыўға қарай исенимли қәдемлер қоймақта. Президентимиз "Абу-Даби Турақлы раўажланыў ҳәптелиги" саммитиндеги шығып сөйлеген сөзинде айтқанындай, бүгинги күнде "жасыл" раўажланыў Өзбекстанда улыўма миллий ҳәрекет дәрежесине көтерилди. Бул бағдарда регионаллық бирге ислесиўди және де күшейтип, Орайлық Азияны "жасыл" экономикалық раўажланыў ҳәм "таза энергия" орайларынан бирине айландырыў нийетиндемиз.
Бул жолда бизге руўхый күш, үлкен илҳам беретуғын факторлар көп. Мақаламыздың басында ҳүрметли Президентимиздиң 2021-жылы газетамызға берген тарийхый интервьюинен цитата келтирген едик. Сол сәўбетте мәмлекетимиз басшысы "Жаңа Өзбекстанды қурыў - бул тек ғана қәлеў, субъектив ҳәдийсе емес, ал түпкиликли тарийхый тийкарларға ийе болған, мәмлекетимиздеги ҳәзирги сиясий-ҳуқықый, социаллық-экономикалық, руўхый-ағартыўшылық жағдайдың өзи талап етип атырған, халқымыздың әсирлик умтылысларына сәйкес, оның миллий мәплерине толық жуўап беертуғын объектив зәрүрлик.
Жаңа Өзбекстан - демократия, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерине байланыслы улыўма тән алынған норма ҳәм принциплерге қатаң әмел еткен ҳалда, дүнья жәмийетшилиги менен дослық бирге ислесиў принциплери тийкарында раўажланатуғын, ақырғы мақсети халқымыз ушын еркин, абат ҳәм абадан турмыс жаратып бериўден ибарат болған мәмлекет", деп айрықша атап өткени бизиң бас жолымызды белгилеп берген.
Жыллар өтип атыр. Жоқарылаў жолынан бир дем де артқа қайтпадық. Бул жолда "Жаңа Өзбекстан" идеясын қоллап-қуўатлаған, раўажланыў жолын беккем тутқан халқымыз өмир бағышлаўшы идеяны өз ой-пикирине терең сиңдирип, күшли ерк-ықрары ҳәм уллы исеними менен бирлести.
Усы тәризде дөретиўшилик руўхындағы идея пүткил халқымыздың қәлбинен терең орын алды, улыўма миллий ҳәрекетке айланды. Себеби оның тийкарында уллы ата-бабаларымыз, Биринши ҳәм Екинши ояныў дәўирлерине тийкар салған илимпаз ата-бабаларымыздың арзыў-нийетлери де жәмленген еди.
Мәмлекетимиздеги бүгинги өзгерислер миллий тарийхымызда және бир әҳмийетли Ояныў процеси болып атырғанын билдиреди. Соның ушын "Жаңа Өзбекстан" ҳәм "Үшинши Ренессанс" сөзлерин өз-ара үнлес айтамыз.
Бир сөз бенен айтқанда, "Жаңа Өзбекстан" идеясы - жаңаша көзқарас деген түсиникти анлатады. Усы мәнисте, "Инсан қәдири ушын, инсан бахты ушын!" принципи тийкарында ийгиликли ҳәрекетлер жедел даўам етип атырған бир дәўирде «Янги Ўзбекистон» газетасы жәмәәти де өз мойнындағы ўазыйпаларды пидайылық пенен орынлап, тарийхымыздың уллы жылнама жазылыўына өз үлесин қосатуғынына, әлбетте, исенемиз.
Салим ДОНИЁРОВ,
"Янги Ўзбекистон" ҳәм "Правда Востока" газеталары
бас редакторы.