Илажда "Янги Ўзбекистон" ҳәм "Правда Востока" газеталарының бас редакторы Салим Дониёров, бас редактор орынбасары Абу Бакир Ўрозов, Наманган мәмлекетлик педагогикалық институтының ректоры Баҳодир Ҳусанов, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы Наманган ўәлаятлық бөлиминиң баслығы Зиёвуддин Мансур, Өзбекстан Журналистлер аўқамы Наманган ўәлаятлық бөлиминиң баслығы Гулчеҳра Бувамирзаева, шайыр, ветеран журналист Носиржон Деҳқонов, белгили зыялылар, институттың профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илаждың тийкарғы мақсети жасларды мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мазмуны менен жақыннан таныстырыў, олардың жәмийетлик-сиясий процесслердеги қатнасын арттырыў және ғалаба хабар қуралларына болған қызығыўшылығын күшейтиўден ибарат болды. Кешеде шығып сөйлегенлер мәмлекетимизде соңғы он жыл даўамында әмелге асырылған түпкиликли реформалар, олардың басқышлары ҳәм ерисилген нәтийжелер ҳаққында толық айтып берди.

Наманган ўәлаятында да социаллық-экономикалық раўажланыўды тәмийинлеў, аймақ инфраструктурасын жақсылаў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әҳмийетли жойбарлар турмысқа енгизилмекте. Билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм спорт тараўларында жүз берип атырған жаңаланыўлар аймақ халқының абаданлығын арттырыўға хызмет етип атырғаны көрсетип өтилди.

Сондай-ақ, илаж шеңберинде Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен журналист Салим Дониёровтың "Жаңа Өзбекстан әрманы" китабы кең жәмийетшиликке таныстырылып, дөретиўшилер, педагоглар ҳәм жаслар тәрепинен китаптың мазмуны ҳаққында баянатлар оқылды.

Кеше даўамында газеталарда жәрияланып атырған аналитикалық мақалалар, интервьюлер ҳәм әҳмийетли темалардағы материаллар мысалында журналистиканың жәмийетлик раўажланыўдағы орны кеңнен додаланды. Қатнасыўшыларға усы миллий басылымның қызғын жумысы, олардың жәмийетте ашық-айдынлықты тәмийинлеўдеги роли ҳаққында толық мағлыўматлар берилди. Ушырасыўда газетаның социаллық тармақлардағы жумысы, контент таярлаў бойынша да мәлимлемелер берилди.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға толық жуўап алды, реформалардың нәтийжелилиги бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.