Бизге белгили, Жаңа Ташкентти қурыўдың биринши басқышы шеңберинде 6 мың гектар майданда жумыс алып барылмақта. Бул басқыш жуўмақланғаннан соң, 600 мың халық ушын заманагөй инфраструктура жаратылады. Жойбар толық әмелге асырылғаннан соң, Жаңа Ташкент 2 миллион халық жасайтуғын заманагөй мегаполиске айланады.
Майданы 32 гектар болған "Уллы жипек жолы" комплексин Жаңа Ташкенттиң ең әҳмийетли жәмийетлик ҳәм мәдений орайларынан бирине айландырыў режелестирилген. Онда турақ жай ҳәм саўда объектлери, мийманханалар, мәденият ҳәм билимлендириў орайлары, басқа да заманагөй инфраструктура объектлери жайласады.
Концепцияға бола, комплексте Уллы жипек жолының түрли цивилизацияларына бағышланған тематикалық кварталлар болады. Ҳәр бир мәҳәлле Уллы жипек жолы бойында жайласқан мәмлекеттиң үлгиси болады.
Презентацияда "Өзбекстан" мәҳәллесине айрықша итибар қаратылды. Бул жерде ҳәр бир имарат, ҳәр бир көше ҳәм майдан арқалы халқымыздың тарийхы, мәденияты ҳәм қәдириятларын сәўлелендириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиздиң бай тарийхый мийрасын және де үгит-нәсиятлаў, ата-бабаларымыздың илим, мәденият ҳәм архитектура тараўларында ерискен уллы жетискенликлерин жас әўладқа жеткериў, елимиздиң халықаралық туризм потенциалын арттырыўды нәзерде тутатуғын бир қатар музейлерди реновациялаў режелери де көрип шығылды.
Атап айтқанда, Имам Мотуридий комплексинде музей шөлкемлестирилип, онда "Жаңа Өзбекстанда Имам Мотуридий мийрасына итибар", "Имам Мотуридий өмири" сыяқлы темалардағы заллар ҳәм мотуридийликке бағышланған бөлимлер жайластырылады. Сондай-ақ, "Баҳаўаддин Нақшбандий" илимий-инновациялық музейиниң мазмунын байытыў, әсиресе, "Жети пир" залында уллы ойшыллардың өмири ҳәм мийрасын кеңнен сәўлелендириў бойынша усыныслар билдирилди.
Сондай-ақ, Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейин заманагөй музеологиялық ҳәм дизайнерлик шешимлер тийкарында реновациялаў режеси ҳаққында да мәлимлеме берилди. Көргизбе залларын қайта режелестириў ҳәм келиўшилерге жоқары сапалы визуал ҳәм билимлендириў тәжирийбесин усыныў нәзерде тутылған. Ҳәр бир зал өз алдына тарийхый дәўир ҳәм темаға бағышланады.
Усынылған жойбарлардың улыўма мақсети - миллий тарийхымызды илимий тийкарда терең сәўлелендириў, заманагөй мәдений инфраструктураны қәлиплестириў, елимизге келиўшилер ушын тартымлы туристлик орынларды жаратыўдан ибарат.
Мәмлекетимиз басшысы жойбарларды мақуллап, оларды әмелге асырыў бойынша тийисли тапсырмалар берди.