Атап өтилиўинше, Миграция агентлиги ҳәм “Japan-China-Asia Medical Educational Cultural Exchange General Incorporated Association” (JCAEMCE) шөлкеми менен бирге ислесиў келисимине қол қойылып, "Японияға 10 мың өзбек қәнигелерин тартыў жойбары"на старт берилди.
Ташкент, Самарқанд ҳәм Наманган ўәлаятларында япон тили ҳәм имтиханларға таярлық көриў ҳәм жумысқа орналасыў ушын зәрүр болған көнликпелер бойынша “Yapon Mahorat Nuri” курслары ашылады.
Буннан тысқары, WiseBridge арнаўлы онлайн платформасы арқалы Япониядағы бос жумыс орынларын еркин таңлаў ҳәм жумыс бериўшилер менен тиккелей байланысыў мүмкин. Платформа 2025-жыл июнь айында иске қосылады.









