Энергетика министрлигиниң мәлим етиўинше, буннан бир ай алдын 2025-жыл 12-апрель күни саат 15:30 да усы жылдың басынан берли қуяш ҳәм самал электр станциялары тәрепинен 2 млрд кВт⋅саат электр энергиясы ислеп шығарылғаны атап өтилген еди.
Усы жылдың 12-май саат 12:00 жағдайына бола, мәмлекетимиздеги барлық қуяш ҳәм самал электр станциялары тәрепинен ислеп шығарылған электр энергиясының муғдары усы жылдың басынан 3 млрд кВт⋅саатқа жетти.
Бул генерацияның 1 млрд 776,3 млн кВт⋅саатлық бөлеги қуяш электр станциялары тәрепинен, 1 млрд 223,7 млн кВт⋅саатлық бөлеги болса самал электр станциялары тәрепинен ислеп шығарылды.
Буның нәтийжесинде:
- 900 миллион куб метр тәбийғый газ үнемлениўине ерисилди;
- атмосфераға 1 млн 710 мың тоннадан аслам карбонат ангидрид ҳәм 1 мың 710 тонна азот оксидлериниң шығыўының алды алынды.
Сондай-ақ, усы жылдың басынан бүгин, 12-май саат 12:00 ге шекем Өзбекстандағы барлық гидроэлектр станциялары ҳәм қуяш және самал электр станциялары тәрепинен 5 млрд 250 млн кВт•саат электр энергиясы ислеп шығарылды.
Буның нәтийжесинде:
- 1 млрд 575 млн куб метр тәбийғый газ үнемлениўине ерисилди;
- атмосфераға 2 млн 990 мың тонна карбонат ангидрид ҳәм 2 мың 990 тонна азот оксидлериниң шығыўының алды алынды.
Мағлыўмат ушын: бул көлемдеги электр энергиясы 5 миллион 833 мың 333 шаңарақтың төрт ярым айлық ямаса 2 миллион 187 мың 500 шаңарақтың бир жыллық нормативлик базасын қурайды.









