Атап өтилгениндей, спорт таярлығының бир пүтин системасын жаратыў өзиниң әмелий нәтийжелерин бере баслады. Халықты ғалабалық спорт пенен қамтып алыў 15 миллионға жетти, спорт пенен турақлы шуғылланатуғын пуқаралардың саны соңғы жылларда дерлик 1,5 есеге артты.

2025-жылы елимиз спортшылары халықаралық майданда жоқары нәтийжелерди көрсетти. Атап айтқанда, Жаслар сайланды командасы Жәҳән универсиадасында 13-орынды, Бахрейнде өткерилген Жаслар ойынларында 2-орынды, Саудия Арабстанында болып өткен Ислам тилеклеслиги ойынларында 2-орынды, БАӘде өткерилген Жаслар параазия ойынларында 1-орынды ийеледи.

Футбол бойынша миллий сайланды команда дәслепки мәрте жәҳән чемпионатына жоллама алды. Шахматшы Жавоҳир Синдаров жәҳән шахмат тажы ушын талабанлар турниринде қатнасады.

Соның менен бирге, ерисилген нәтийжелер менен шекленип қалмастан, бар имканиятлар ҳәм жаратылған шараятлардан толық пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Спорттың бир қатар түрлери бойынша ҳәзирги көрсеткишлер бар инфраструктура ҳәм потенциалға толық сәйкес емеслиги атап өтилди.

Усы мүнәсибет пенен жақын келешекте ғалабалық спорт пенен қамтып алыўды 17 миллионға жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Халықаралық спорт ойынлары ҳәм Олимпиадалар ушын мүнәсип резерв қәлиплестириў мақсетинде Президент олимпиадасы шеңберинде ашық-айдын селекция системасын енгизиў даўам етпекте.

Жарыстың биринши басқышында 103 мың, финал басқышында болса 11 спорт түри бойынша 3 мыңнан аслам спортшы қатнасып, 135 алтын, 134 гүмис ҳәм 227 қола медалларын қолға киргизди.

Жарысларды жылына еки мәрте өткерип, аймақларда 13-14 жастағылар арасында шөлкемлестириў, спорт түрлерин басқышпа-басқыш 20 ға жеткериў бойынша көрсетпелер берилди.

Пайдаланыўға тапсырылған Олимпиада қалашасы ҳәм Миллий футбол орайы мәмлекетимиз спорты тарийхында әҳмийетли ўақыя болғаны айрықша атап өтилди. Ҳәзирги ўақытта Олимпия қалашасына 17 олимпия спорт федерациялары ҳәм басқа да спорт шөлкемлери көшкен. Бул комплекслер өзбек спортының тымсалы, бирден-бир спорт кластерине айланыўы керек екенлиги атап өтилди.

Спортты раўажландырыўға илимий қатнас жасаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Жоқары нәтийжелерге ерисиў тек ғана инфраструктура ҳәм жарыслар емес, ал спорт илиминиң барлық бағдарларын системалы раўажландырыўға да байланыслы екени атап өтилди.

Усы мүнәсибет пенен спорт фармакологиясы, диетологиясы, функционаллық ҳәм физикалық таярлық, реабилитация, жүклемелерди индивидуал режелестириў тараўларына заманагөй көзқарасларды кеңнен енгизиў бойынша ўазыйпалар белгиленди. Илимий-изертлеў жумысларын жеделлестириў, алдыңғы қолланбалар ҳәм соңғы изертлеўлердиң нәтийжелерин әмелиятқа енгизиў, миллий ҳәм халықаралық дәрежедеги илимий форумлар ҳәм конференцияларды өткериў арқалы тәжирийбе алмасыўды күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, спортты раўажландырыўға жеке меншик сектор ҳәм инвесторларды кеңнен тартыў, спорт инфраструктурасы, шынығыў орайлары ҳәм спорт хызметлери базары бойынша инвестициялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Спорт мектеплериниң мәҳәллеге шекем жетип барыўын тәмийинлеў, қәбилетли жасларды ерте анықлаў ҳәм мақсетли таярлаў системасын беккемлеў зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди.

Усы жылдың январь айында Ташкент қаласында өткерилиўи режелестирилген халықаралық спорт илажлары ҳаққында мәлимлеме берилди.

Атап айтқанда, Жәҳән жүзиў федерациясы Атқарыў бюросының мәжилиси, Орайлық Азия регионаллық антидопинг агентлигиниң (RADOCA) мәжилиси ҳәм халықаралық форум, Азия Олимпиада кеңесиниң 46-бас ассамблеясын өткериў режелестирилген.

Азия Олимпиада Кеңеси 1982-жылы дүзилген болып, Азия континентиндеги олимпиада ҳәрекетин муўапықластырады ҳәм 45 мәмлекеттиң миллий олимпиада комитетлерин бирлестиреди. Бас Ассамблея шеңберинде Азиядағы олимпиада ҳәрекетиниң тийкарғы бағдарларын белгилеў ҳәм Кеңес президенти сайлаўын өткериў нәзерде тутылған.

Онда Халықаралық олимпиада комитети, Азия олимпиада кеңеси, WADA, халықаралық спорт федерациялары ҳәм басқа да абырайлы спорт шөлкемлериниң басшылары, жәми 360 тан аслам сырт ел мийманларының қатнасыўы күтилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы бул илажларды жоқары дәрежеде өткериў ушын пуқта таярлық көриўге көрсетпе берди.

Атап өтилгениндей, кейинги жылларда Өзбекстан спорт гүреслери бойынша регионымызда да, дүньяда да турақлы ҳәм күшли орын ийелеп келмекте. Бул бағдарды және де ғалаба ен жайдырыў мақсетинде Аймақлық спорт гүреслери академиясын шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

Усы жылдан баслап Президент кубоги, "Өзбекстан батырлары" турнири, Бас прокурор кубоги ҳәм әскерий хызметкерлер арасында гүрес жарыслары турақлы түрде өткерип барылады. 2026-жылы аймақларда қурылып атырған мектеплерде миллий гүрес пенен бирге, грек-рим, еркин гүрес ҳәм ҳаял-қызлар гүреси бойынша спортшылар таярланады. Жылдың ақырына шекем ҳәр бир район ҳәм қалада кеминде биреўден мектепте гүрес дөгереклери ашылады.

Мәмлекетимиз басшысына усы жылы Италияда болып өтетуғын ХХV қысқы Олимпиада ойынларында Өзбекстан делегациясының қатнасыўы ҳаққында да мағлыўмат берилди.

Президентимиз белгиленген ўазыйпалардың толық ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў, спортты ғалаба ен жайдырыў, халықаралық майданда турақлы нәтийжелерге ерисиў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.