Ишки базарды толтырыў ҳәм инфляция факторларын сапластырыў бағдарындағы избе-из жумыслар себепли турақлы экономикалық өсиў тәмийинленип атырғаны, инфляцияны азайтыў ҳәм миллий валютаны беккемлеўде унамлы нәтийжелерге ерисилгени атап өтилди.
2025-жылдың 1-ноябрь жағдайына бола, жыллық инфляция дәрежеси бир жыл алдынғы 10,2 проценттен 7,8 процентке шекем төменледи. 2026-жылы бул көрсеткишти 7 процентке түсириў, 2027-жылы болса 5 процент көлеминде услап турыў режелестирилген.
Бул мақсетлерге ерисиў ушын ишки базарда товар ҳәм хызметлер усынысын хошаметлеўге айрықша итибар қаратылады. Оған бола, 2026-жылы банклер тәрепинен аўыл хожалығы, азық-аўқат ҳәм хызмет көрсетиў тараўларындағы жойбарларды қаржыландырыў көлеми арттырылады.
Мәжилисте тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлери баҳасының турақлылығын тәмийинлеў ушын барлық зәрүр илажларды көриў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Жоқары өсиў пәтлерин ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде келеси жылы коммерциялық банклер тәрепинен экономикаға ажыратылатуғын кредитлер көлеми 450 триллион сумға жеткериледи.
Мәмлекетимиз басшысына микро, киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаў бойынша тапсырмалардың орынланыўы ҳаққында мәлимлеме берилди. Жыл басынан берли исбилерменлик субъектлерине 116 триллион сум ямаса бир жыл алдынғы жылға салыстырғанда 1,4 есеге көп кредитлер берилген.
Тиккелей мәҳәллелердеги жумыслар шеңберинде 89 мың халықтың бизнес басламалары қоллап-қуўатланып, 1,1 триллион сумлық кредитлер ажыратылды. Жылдың ақырына шекем бул көрсеткиш 100 мыңға жеткериледи.
2026-жылы да кәмбағаллықты қысқартыў, халықты исбилерменликке жедел тартыў жумысларын избе-из даўам еттириў режелестирилген. Микро, киши ҳәм орта бизнес ушын кредитлеў көлемин 140 триллион сумға жеткериў, және 100 мың халықтың жойбарларын қоллап-қуўатлаў нәзерде тутылған.
Сөзиниң жуўмағында Президентимиз буннан былай да халық ҳәм бизнес ушын турақлы финанслық орталық жаратыў, банк системасына исенимди беккемлеў ҳәм финанс базарында саламат бәсекини раўажландырыў банк-қаржы сиясатының тийкарғы ўазыйпасы болыўы керек екенлигин атап өтти.
Жуўапкерлерге инфляцияны азайтыў, исбилерменлик басламасын қоллап-қуўатлаў, мәмлекеттиң макроэкономикалық турақлылығын беккемлеў бойынша қосымша тапсырмалар берилди.