Нызам жойбары менен "Автомобиль жолларын режелестириў" механизми енгизилип, жол инфраструктурасын халық ҳәм экономиканың өсип баратырған талапларына муўапық раўажландырыў нәзерде тутылмақта. Жолларды жойбарластырыўда халықтың пикири ҳәм қоршаған орталыққа тәсирин есапқа алыў және пиядалар ушын тосқынлықсыз орталықты жаратыў бойынша қатаң талаплар орнатылмақта.
Сондай-ақ, нызам жойбарына коммуникация тармақларын қурыўда жоллардың бурынғы жағдайын тиклеў қәрежетлерин қаплаў шәрти киргизилмекте. Жолларда үлкен көлемли ҳәм аўыр салмақлы транспорт қуралларының ҳәрекети тәртипке салынбақта. Ажыратылған ҳәм жол бойы аймақларында хызмет көрсетиў объектлерин жайластырыўға байланыслы талаплар белгиленбекте.
Нызам жойбарының және бир тийкарғы тәрепи, бул төлемли жоллар тармағын қурыўдың ҳуқықый тийкарлары жаратылмақта. Бул бағдарда инвесторларға жеңилликлер берилмекте.
Додалаўлар даўамында депутатлар нызам жойбарының әҳмийетине, соның менен бирге зәрүрлигине айрықша итибар қаратып, онда нәзерде тутылып атырған айырым нормалар бойынша бир қатар сораўларды ортаға таслады. Нызам интакерлери берилген барлық сораўлар бойынша ҳәр тәреплеме түсиниклер берип, билдирилген айырым усыныслар нызам жойбарын жетилистириў ҳәм нормаға келтириўде итибарға алынатуғынын атап өтти.
Бул нызам жойбары тараўда мәмлекетлик басқарыўды буннан былай да жетилистириў, жоллардың сапасын жақсылаў арқалы әмелдеги автомобиль жоллары тармағын узақ мүддетке саз ҳалда сақлап турыў, төлемли жоллар тармағын қурыў және тараўға инвестицияларды, соның ишинде, тиккелей сырт ел инвестицияларын кеңнен тартыўға қаратылған.
Додалаўлар ҳәм сораў-жуўаплардан соң, нызам жойбары депутатлар тәрепинен биринши оқыўда қабыл етилди.









