Абырайлы илажда Өзбекстан, Түркменстан, Тәжикстан, Иран, БАӘ, Россия, Германия, Греция, Венгрия, Нидерландия ҳәм басқа да мәмлекетлердиң жоқары оқыў орынларынан 600 ге шамалас студент қатнасты, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

Онда Өзбекстаннан 28 жоқары билимлендириў мәкемелеринен 205 студент қатнасты. Командалық беллесиўлер жуўмағында Өзбекстан сайланды командасы 10 командалық сыйлықты қолға киргизип, екинши орынды ийеледи. Жеке беллесиўлерде Өзбекстан командасы 103 медальды қолға киргизип, сыйлықлар саны бойынша екинши орынды ийеледи.

Олимпиада шеңберинде өзбекстанлы оқытыўшылар түркменстанлы студентлер ушын шеберлик сабақларын өтти. Илаждың жабылыў мәресиминде Өзбекстан делегациясы атынан Бухара мәмлекетлик университети доценти Умида Холиқова шығып сөйлеп, илаждан алған тәсирлерин ҳәм еки халық арасындағы дослықты атап өтти.

Ашхабадтағы халықаралық олимпиада тек ғана илимий бәсеки майданы емес, ал түрли миллет ўәкиллери арасында дослық, бирге ислесиў ҳәм тәжирийбе алмасыў орайына айланғаны атап өтилди.