Бул ҳүжжеттиң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң тийисли буйрығы қабыл етилип, онда келешектеги бир қатар тийкарғы ўазыйпалар белгиленди.
Атап айтқанда, медицинаның басланғыш буўынында 30-65 жастағы ҳаял-қызлардың электрон базасы қәлиплестирилип, оларды медициналық тексериўге мирәт етиў системасы жаратылмақта.
Бунда:
- ҳәр жылы 30-50 жастағы ҳаяллардың жатыр мойны ракы скрининги адам папилломасы вирусын полимераза шынжырлық реакция тексериўи жолы менен анықлаў ҳәм де суйықлық цитологиялық усылы менен тексериў жолы менен әмелге асырылады;
- унамсыз нәтийже анықланғанында, олар 10 жылдан кейин қайта тексериўден өткериледи, нәтийже унамлы болғанда болса ҳаял-қызлар қосымша тексериўге жибериледи;
- рак алды жағдайлары анықланған ҳаяллар амбулатор емлениў ушын Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы ҳәм оның аймақлық филиалларына жибериледи;
- 30-65 жастағы ҳаял-қызлар ҳәр 2 жылда бир мәрте медицина хызметкерлери тәрепинен бирлемши тексериўден өткериледи;
көкирек бези раки тексериўи 45 жасқа шекемги ҳаялларда ултрасес диагностикаси усылында, 45-65 жастағы ҳаялларда болса маммография арқалы әмелге асырылады.
Скринг нәтийжесинде онкологиялық кеселлик анықланған наўқасларды диагностикалаў ҳәм емлеўге байланыслы қәрежетлер Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаржыландырылады.