Қәлеген адам дәраматының бир бөлегин ажыратып, дем алыў, денсаўлығын тиклеў, тәбият гөззалықларынан заўықланыў ямаса басқа мақсетте тез-тез саяхатқа шығыўы әдеттеги ҳәм әпиўайы жағдайға айланды. Бир жылда кеминде бир мәмлекетке барыў ҳәзир мода!
Бул мақтаныў ямаса көрсетиў ушын емес, әпиўайы ўатанласларымыз да ислегенине жараса дем алыўды, саяхаттан заўық алыўды, тек ғана материаллық арзыў-нийетлер емес, ал кеўилли дем алыў ушын қаржы ажыратыўды баслады. Бир-бирине ҳәўес етип, "мен де мине усы жерге бармасам болмайды", деп айтыўлар да жақсылыққа, әйтеўир саяхат еткен адам утылмайды, ҳеш болмаса жаңа мәнзилди көрип, жаңа тәсирлер алады.
Қулласы, саяхаттың пайдалы тәреплери көп. Әҳмийетлиси, ўатанласларымызды оған хошаметлеўши факторлардан бири абаданлықтың артып баратырғаны менен байланыслы болса, екинши тәрептен, кейинги жылларда мәмлекетимизде туризм бағдарында айқын көзге тасланып атырған өзгерислер болып есапланады. Яғный ишки туризм потенциалы артып бармақта. Адамлар тек ғана сырт мәмлекетлер емес, ал елимиз бойлап саяхат етиўге де қызықпақта.
Бостанлыққа шекем бир адым!
Өткен жылы Самарқандқа жол алғанымда биринши мәрте тезжүрер поездға миндим. Хызмет сапары болса да, өзимди саяхатшыдай сездим. Поездда қандай да бир алыс қалаға саяхат етиўди бәрқулла нийет еткенмен. Тап ойлағанымдай буның рәҳәти өзгеше екен. Поезд айнасынан таўлар, бағлар, қулласы тәбиятты тамашалап кетип баратырып, бир нәрселерди жазып, тәсирлеримди мөрлегим келди. Бирақ сырттағы гөззаллыққа көзим қыймады, тамаша етиўди даўам еттим. Бул тәсир поезддан түскеннен кейин де даўам етти.
Әдетте солай: транспорт қуралы бәрқулла саяхаттың бир бөлеги, ҳәтте ең тийкарғы бөлеги болады. Көпшилик саяхаттан қайтқаннан кейин, самолёт, поезд яки автомобилдеги тәсирлениўин қосып гүрриң етеди. Сонлықтан, мәмлекетте туризмди раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларынан бири транспорт инфраструктурасын жаратыў ҳәм жетилистириў болып есапланады. Әсиресе, заманагөй темир жол системасы ҳәзир туристлерди қызықтыратуғын әҳмийетли тәреплерден бири. Себеби поездда саяхат етиў көпшиликке өзгеше заўық береди. Қалаберди, бул жөнелис алыс мәнзиллерге ҳәм арзан, ҳәм тез, ҳәм қәўипсиз жетип барыўға хызмет етеди.
2025-жыл темир жол тараўындағы бир қатар үлкен жумыслар менен де есте қалмақта. Атап айтқанда, елимиздиң сулыў мәнзиллерине қарай жаңа темир жоллар тартылып, бәндиргилер иске қосылды. Заманагөй поездларда ўатанласларымыз әллеқашан жергиликли жөнелислер бойлап саяхат етпекте.
Атап айтқанда, Ташкент ўәлаятының Бостанлық районына электропоездда да барыў мүмкин. Себеби, усы жылдың басы тап усы жөнелисте жаңа темир жол линиясы ҳәм бәндирги ашылыўы менен басланған еди. Анығырағы, Шынаркентке шекем алып баратуғын жаңа темир жол иске қосылып, 2025-жыл 22-январьда "Шынаркент" темир жол станциясы салтанатлы түрде пайдаланыўға тапсырылды.
Оннан алдын, 2024-жыл декабрьде Ташкенттен Хожакентке жаңа электропоезд қатнаўы жолға қойылған, мәмлекетимиз басшысы 6-декабрьде тап усы поездда Хожакентке барған еди. Арадан дерлик 1,5 ай өтпей-ақ Хожакенттен Шынаркентке шекем 1,5 километрлик темир жол қурылды. Қысқа мүддетте 150 метрлик перрон ҳәм бастырма қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Сондай-ақ, имканияты шекленген жолаўшылар ушын қорғаныў плиталары орнатылып, жолаўшылар өтиўи ушын туннель қурылды.
Қулласы, әзелден сулыў тәбияты менен белгили Бостанлық районының ҳәзирги заманагөй дем алыў мәнзиллерине тез ҳәм қәўипсиз жетип алыў ушын және бир қолайлы инфраструктура иске қосылды. Әсиресе, бул ҳәзир қәлеген ўақыт ҳәм мәўсимде таўдың таза ҳаўасынан рәҳәтленип, дем алыўды қәлеўшилер ушын жүдә қолайлы. Таўға кетеберистеги автомобиль жолында узақ тығылысларда қалыўға да туўра келмейди. Электропоезд мәнзилге демде жеткерип қояды.
Жаңа темир жол линиясы қурылмасынан алдын Шынаркентке жол алған жолаўшылар электропоездда "Хожакент" станциясына шекем, оннан ары автомобильде отырып баратуғын еди. Бул жолаўшыларға қолайсызлық туўдырған. Ҳәзир мине усы қолайсызлықлар сапластырылып, Ташкенттен жолға шыққан жолаўшы ҳәм туристлер заманагөй электропоездда "Шынаркент" темир жол станциясына шекем жетпекте.
Жүк тасыў көлеми де артады
Мағлыўматларға қарағанда, биринши темир жол транспортының пайда болыўы таў-кән ҳәм металлургия санааты менен байланыслы болып, XVIII әсирдиң ақыры ҳәм XIX әсир басларына туўра келеди. Тап усы дәўирде капитализмниң раўажланыўы жүк айланысы структурасын түптен өзгерткен ҳәм де темир рудасы, көмир, қурылыс материаллары сыяқлыларды массалық тасыўға зәрүрлик өскен. Солай етип, биринши улыўма пайдаланыўдағы темир жол 1825-жылы Англияда қурылған. Кейин бул транспорт қуралы изли-изинен басқа мәмлекетлерде пайда болды. Өзбекстандағы биринши темир жол болса 1886-1888-жыллары қурылып, Фараб станциясынан Самарқандқа шекем тартылған. 1888-жылы Әмиўдәрья үстинен 2,7 километр узынлықтағы ағаш көпир қурып питкерилиўи менен Самарқандқа шекем поездлар қатнаўы басланған.
Бүгин де Самарқанд ўәлаяты транспорт инфраструктурасы бойынша елимиздиң алдынғы аймақларынан. Биринши жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын поезд да дәслеп Самарқандқа қойылғаны ядымызда. Усы жылдың 27-ноябрь күни болса Ургут - Самарқанд - Ургут жөнелиси қалалар аралық поезд қатнаўы жолға қойылды. Президентимиз 25-ноябрь күни әйне Самарқанд ўәлаятына сапары ўақтында белсендилер менен бирге Самарқанд қаласынан Ургут районына жаңадан қурылған темир жол арқалы поездда барды.
- Енди ургутлилер Самарқанд қаласына поездда барып келиўи мүмкин. Мийманлар ушын да ўәлаяттың бул гөззал жерине поездда келип кетиў имканияты жаратылды, - дейди "Темиржолинфратузилма" АЖ басқармасы баслығының орынбасары Авазбек Аҳмедов. - Ургут Самарқанд ўәлаятының ең үлкен районларынан бири болып, 600 мыңға шамалас халық жасайды. Бурын Ургуттен Самарқандқа тек автомобиль ҳәм автобуслар қатнайтуғын еди. Жаңа темир жол себепли жолаўшылар ушын тез ҳәм қәўипсиз транспорт хызмети жаратылды. Жойбар 9 айда әмелге асырылып, Зарафшан дәрьясы бойлап улыўма 55 километрлик темир жол тартылды. Жумыслар халықаралық талап ҳәм стандартлар тийкарында орынланды. Жойбар шеңберинде 2 вокзал, 2 көпир, 110 жасалма қурылма, 13 жол кесилиспеси ҳәм 58 километрден аслам оптикалық талшықлы байланыс линиясы да қурылды. Жартепа аўылы ҳәм Ургут районының орайында вокзал имаратлары қурылды.
Көпшилик жақсы биледи: Ургутте үлкен санаат зонасы бар. Ол жерде миллий маркадағы ең заманагөй санаат өнимлери ислеп шығарылады. Усы жағынан жаңа темир жол жөнелисинде тек ғана жолаўшы емес, ал жүк тасыў тезлиги де артады. Мағлыўматларға бола, жаңа темир жол арқалы жылына 359 мың жолаўшы ҳәм 8,2 миллион тонна жүк тасыў имканияты бар. Бул жөнелисте еки жуп қалалараралық жолаўшы поезды ҳәм тоғыз жуп жүк поезды қатнаўы жолға қойылады. Бул Ургут экономикасы, санаат, саўда ҳәм аўыл хожалығы ушын үлкен имканият болып есапланады.
Алдын районға алып келинетуғын жүклер Жамбай, Самарқанд, Зарафшан темир жол станцияларында түсирилген, автомобиллерге жүкленген ҳәм Ургутке жеткерилген. Ҳәзир жүклер темир жол арқалы тиккелей Ургут районының өзине жетип бармақта. Бул арқалы транспорт қәрежети қанша үнемленип атырғанын исбилерменлер дәрҳал есаплай алады. Қалаберди, енди қоңсы Тәжикстаннан елимизге келетуғын туўысқанларымыз Жартепа вокзалы арқалы Ургутке ямаса Самарқанд қаласына жетип алыўы мүмкин. Бул ишки туризмниң раўажланыўына да үлкен үлес қосады.
Ургутке темир жол тартылыўы тек ғана экономикалық ямаса инфраструктурадағы жаңаланыў емес, ал адамлардың турмыс тәризи, нийетлериниң әмелге асыўы менен байланыслы мәселе. Себеби бул темир жол район халқы, әсиресе, исбилерменлердиң бир неше жыллық әрманы болған. Бул ҳаққында үлкен-киши дөгереклерде айтылады, бирақ қаржы мәселеси жүзеге келгенде реже кейинге қалдырылып, арзыў-әрман болып қала берген. Бүгин Ургутке поезд барғанына адамлардың өзи де исене алмай атыр.
- Усы жыл февральда жаңа "Самарқанд - Ургут" темир жол тармағының қурылысы басланғанында ҳәттеки айырымлар "Бул жумыс қашан әмелге асады енди, және неше жыл күтемиз?" деп оның жақын арада қурып питкерилетуғынына гүманланған еди, - дейди мийнет ветераны Қуддус Асқаров. - Бирақ, ҳә демей-ақ, бары-жоғы 9 айда жаңа темир жол қурылып, Ургутке поезд келип, халықтың көп жыллық әрманы орынланды. Мәмлекетимиз басшысының өзи усы темир жол арқалы Ургутке келип, вокзалда биз - нураныйлар, белсендилер менен ушырасып, бәршемизди жаңа поезд қатнаўы менен қутлықлағаны қуўанышымызды және де арттырды.
Ески имараттан из де қалмады
Саяхат ямаса басқа мақсетте узақ мәнзилге баратуғын адам ушын қолайлық ҳәм сапа бәрқулла әҳмийетли. Әсиресе, транспорт қуралы "қонып алатуғын" мәнзил - аэропорт ямаса вокзалдағы жағдайлар инсанның кейпиятына тәсир көрсетиўи мүмкин. Барлық қолайлықларға ийе, артықша әўерегершилик ҳәм инсан факторысыз жумыс исленеди, электрон хызметлер узақ күтип қалыў ҳәм ўақыт жоғалтыўдың алдын алады.
Бүгин тек ғана заманагөй транспорт қураллары ҳәм инфраструктура емес, ал жоқары сапалы хызмет көрсетиў де туризмди раўажландырыў ҳәм туристлерди тартыўдың тийкарғы шәртлеринен бирине айланған. Елимиздиң темир жол тараўында буған үлкен итибар қаратылмақта. Жақында усы бағдарда және бир ири жойбар әмелге асырылды.
Усы жыл 7-декабрьде Хорезм ўәлаятындағы "Хазарасп" темир жол вокзалы салтанатлы түрде пайдаланыўға тапсырылды. Вокзалда болғанлар ҳәм мийманлар имараттың бурынғы көринисинен ҳеш нәрсе қалмағаны, ҳәзиргиси пүткиллей жаңа көриниске ийе, заманагөй шараятларға ийе екенин қанаатланыўшылық пенен айтып атыр.
- "Хазарасп" темир жол вокзалы аймағы ҳәм имараты толық қайта оңланып, заманагөй талапларға муўапық жаңадан қурылды, - дейди "Өзтемиржолжолаўшы" акционерлик жәмийети "Темир жол вокзаллары" ЖШЖ директоры Муроджон Мамараимов. - Реконструкция жумыслары шеңберинде вокзалдың тийкарғы имаратындағы перде дийўаллары толық жаңаланды, ишки пол қапламалары демонтаж етилип, заманагөй материаллар менен алмастырылды. Төбе ҳәм сыртқы фасад бөлиминде гербиш өриў, сыбаў жумыслары орынланды, ысытыў системасы түп-тийкарынан жаңаланды. Аймақтың заманагөй архитектуралық элементлер тийкарында қурылғаны жолаўшылар ағымын тез ҳәм қәўипсиз тәризде қабыл етиў, сапалы хызмет көрсетиў имканиятын береди. Вокзалдағы барлық процесс толық санластырылған, бул пайдаланыўшыларға және де қолайлық жаратады. Итибарлы тәрепи, оңлаўдан кейин "Хазарасп" темир жол вокзалы бир ўақыттың өзинде 200, бир суткада болса 1000 ға шамалас жолаўшыға хызмет көрсетиў имканиятына ийе болды.
Вокзал аймағында заманагөй талапларға сай перрон ҳәм платформа инфраструктурасы, жақтыландырыў системасы ҳәм қәўипсизлик камералары, майыплығы болған шахслар ушын инклюзив имканиятлар, кең ҳәм жақты зал, ана-бала залы, дем алыў ҳәм жуўыныў ханалары, медицина бөлмелери, жоқары дәрежеде хызмет көрсететуғын VIP зал, билет кассасы бар. Сондай-ақ, жолаўшыларға және де қолайлы болыўы ушын электрон мағлыўмат таблосы орнатылып, электрон билетлерди дизимнен өткериў жолға қойылған.
Вокзал әтирапын абаданластырыў да жойбардың әҳмийетли бөлеги. Себеби, ҳәзирги күнде заманагөй қала қурылысы талаплары тиккелей экологиялық тәреплерди үйлестириўди талап етпекте. Адамлар бир мәнзилге барып, хызметинен пайдаланар екен, ол жерде жасыллық болыўы керек. Бул тек ғана эстетикалық тәрепи емес, ал қоршаған орталықтың тазалығын сақлаў талаплары менен байланыслы. "Хазарасп" темир жол вокзалы да буннан шетте емес. Аймақ бойлап жасыл майданлар, гүлзарлар жаратылып, оларды тәрбиялаў ушын заманагөй суўғарыў системасы орнатылды.
- Ҳақыйқатында да, вокзалдың алдынғы жағдайы оғада ески еди, - дейди "Хазарасп" темир жол вокзалының хызметкери Шахинур Қадамова. - Зәрүр шараят болмаған. Имарат жүдә суўық болғаны себепли арнаўлы форманың өзинде турып жумыс ислеў мүмкин емес еди. Қаран, ҳәзир сырттағы суўық сезилмейди де, жайдың иши ыссы, жақты. Жолаўшыларға тез ҳәм сапалы хызмет көрсетип атырғанымыздан қуўанышлымыз.
***
Күтилип атырған жойбарлардан және бири усы жылы январьда қурылысы басланған "Байтқорған - Паркент" электрлестирилген темир жол линиясы болып есапланады. Усы жылдың басында мәмлекетимиз басшысының тапсырмасына бола Паркентти пайтахт пенен байланыстыратуғын электрлестирилген темир жол қурылысына старт берилген еди. Мағлыўматларға қарағанда, ҳәзирги ўақытта жумыслар жедел кетпекте.
Жойбар бойынша электрлестирилген темир жолдың улыўма узынлығы 24 километрден ибарат болады. Жойбар шеңберинде 2 ажыратыў пункти, 4 көпир, 2 жол өткел, 1 туннель түриндеги жол өткел, 78 суў өткериў имараты, 7 автомобиль жолы ҳәм темир жол кесилиспесиниң қурылысы нәзерде тутылған.
Европаның айырым мәмлекетлеринде жақын аралықтағы мәнзиллерге де темир жол поездында барылады екен. Яғный электрлестирилген поездлар метро, автобус сыяқлы тийкарғы ишки жәмийетлик транспорт болып есапланады. Бул тап трамвай сыяқлы электропоезддиң қәўипсиз, тез, арзан ҳәм экологиялық таза екенлиги менен байланыслы болса керек. Қалаберди, айырым мәмлекетлердиң көпшилик қалалары таўлы аймақларда жайласқаны себепли, ол жерлерде халықтың поездда ҳәрекетлениўи қолайлырақ, деп ойлайман.
Бизде темир жол поездлары тийкарынан туризм бағдарында ғалаба ен жайдырылыўы режелестирилген. Себеби елимизде тәбияты сулыў, ҳаўасы таза орынлар көп ҳәм биринен соң бири бул жерлер туристлик орайларға айландырылмақта. Ташкент ўәлаятының Паркент районы да солардың бири. Оған алып баратуғын жаңа электрлестирилген темир жол болса жергиликли ҳәм сырт елли туристлердиң ағымын және де арттырады.
Қалаберди, жойбар жуўмағына жетип, жаңа "Байтқорған - Паркент" электрлестирилген темир жолының пайдаланыўға тапсырылыўы жергиликли халық ушын жаңа жумыс орынларын жаратып, мәмлекеттиң туризм тараўына үлкен пайда келтиреди.
Ирода ТАШМАТОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы