Өзбекстан ҳәм Уллы Британия арасында жаңа авиарейс жолға қойылды

    18 желтоқсан 2025 144

    Өзбекстанның «Qanot Sharq» авиакомпаниясы усы мәмлекетке турақлы пәрўазларды әмелге асырыў ушын Уллы Британияның Пуқаралық авиация басқармасынан зәрүр руқсатнамалар алды.

    15-декабрь күни «Qanot Sharq» авиакомпаниясының "Ташкент - Лондон - Ташкент" жөнелиси бойынша қатнайтуғын биринши самолёты Уллы Британияның Гатвик халықаралық аэропортына келди, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

    Усы мүнәсибет пенен шөлкемлестирилген рәсмий илажда Уллы Британия Пуқаралық авиация басқармасы, Гатвик халықаралық аэропорты, «Qanot Sharq» авиакомпаниясы басшылары ҳәм жергиликли ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

    Авиакомпания "Ташкент - Лондон - Ташкент" жөнелиси бойынша пәрўазларды ҳәптесине еки мәрте - дүйшемби ҳәм пийшемби күнлери әмелге асырады.

    Пәрўазлар «Uzbekistan Airways» авиакомпаниясы тәрепинен ҳәптесине үш мәрте - шийшемби, жума ҳәм екшемби күнлери әмелге асырылатуғын рейслерге қосымша түрде әмелге асырылады. Нәтийжеде еки мәмлекет арасындағы рейслердиң улыўма саны ҳәптесине бесеўди қураған.

    Усы жылдың январь-ноябрь айларында Уллы Британиядан Өзбекстанға келген туристлердиң саны 25 мыңнан артқанын атап өтиў зәрүр. Бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 23 процентке өскен.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates