Елимиз бойлап қар жаўып, ерий баслаған күнлер. Әдетте қалың қардан кейин ҳаўаның суўығы бираз пәсейип, есип атырған самал әсте-ақырын бәҳәрги самалды еслетеди. Әйне саяхат ететуғын ўақыт! Биз де дөретиўшилик жәмәәт пенен таң азан менен жолға шықтық. Мәнзилимиз - Жиззақтың Зарбдоры. Бир ўақытлары Зарбдор итибардан шетте қалған район еди, бирақ, ҳәзир ол жерге итибар қаратылмақта, дейди кәсиплесим. Мен басымды әсте шайқап тастыйықлайман - еситкениңе емес, көргениңе исен.
Бир ўақытта таң ата баслайды. Сырдәрья үстинде қурылған көпирден машинамыз әсте-ақырын өтеди - бизде болса пурсаттан пайдаланып саўлатлы дәрьяға тойып қарап алыў имканияты бар. Таң сәҳәрде толып ағып атырған Сырдәрьяға атып атырған таң нуры түсип толқынланады. Бунда ҳәм көркем өнер, ҳәм берекет сәўлеленген. Себеби, молшылық дарқаншылықтың белгиси.
Үш саат өтип, мәнзилге жетип келдик. Бүгинги Зарбдорда ҳақыйқатында да өмир қайнап атыр. Ақыры бул жерде мәмлекетимиз бойлап ғалаба ен жайып атырған Зарбдор тәжирийбеси пайда болған. Оның да ғалаба ен жайып атырғаны бийкарға емес, себеби ол өзин ақлап атыр. Жумыссызлық азаймақта, адамлар дәраматқа ийе болмақта. Хош, процесс қалай өтип атыр? Бул нәтийжелерге ерисиў ушын нелер исленбекте? Бизди Зарбдорға алып келген қызығыўшылық та мине усы. Оны өз көзимиз бенен көриў, еситиў әрманы.
Шарўа менен ыссыхана ысытылып атыр
Биринши мәнзилимиз районның Лалмикор мәҳәллесинде жасап атырған Абдуҳошим Аҳмедов ҳәм Оразгул Аҳмедовалардың шаңарағы болды. Үйге кириўимиз бенен бизлерди ҳәўли жумыслары менен жүрген үй й күтип алды. Бизиң не мақсет пенен киятырғанымызды еситип, ашық жүз бенен күтип алған хожайынның жүзинде қуўаныш пайда болды. Ақыры мийнетиңиздиң даңқын еситип, биреў келип турса, әлбетте, қуўанышлы
Шама менен 10 сотих шығатуғын ҳәўлиде пайдаланылмай жатырған жердиң өзи жоқ. Қапыдан киргениңизден биринши көзге тасланатуғын нәрсе еки ярым сотих жерге қурылған ыссыхана болады. "Ыссыханаға алып барыңыз", - деймиз шаңарақ ийесине. Бирақ, бул әпиўайы, әдеттеги ыссыхана емес екен. Ыссыханаға кирип келиўиңизден бир тәрепинде он-он бес шамасында қой-қозы турады. Ойыма биринши келген сораў: "Ыссыханада қой не қылып тур?" Буған бизлердиң таң қалып атырғанымызды сезген болсақ, Абдуҳошим аға сөзге киристи: "Бул әпиўайы қой емес, бизиң печимиз". Және де таң қаламыз. Үй ийеси түсиндирип бере баслады. Оның айтыўынша, еки ярым сотихлық бул ыссыхананы ысытыў ушын газ де, электр энергиясы да жумсалмайды екен. Олардың орнын усы қойдан шығатуғын ыссылық қаплайды екен. Исенбей, газ қубыры ҳәм электр сымларын излеймен, бирақ таба алмайман. Дурыс екен, деп ойлайман. Ҳақыйқатында да, сыртынан сезилерли суўық болса да ыссыхананың ишки тәрепи "жаздың күниндей". Мине, буны инновация деўге болады, дейди кәсиплесим.
Хош, Абдуҳошим аға ҳәм Оразгул апа қалай исбилерменге айланды? Буннан бир жыл бурын үй ийеси жалланба, үй ийеси болса тигиўшилик пенен шуғылланып, руўзыгершиликтиң кем-қутығын толтырып жүретуғын еди.
- Булардың барлығы ҳәким жәрдемшисиниң үйимизге келип, шараятымыз бенен танысыўынан басланды, - дейди Оразгүл апа. - Арадан бираз ўақыт өтип, банк тәрепинен мине усы көрип турған ыссыхана қурылып, саўға етилди. Шынында да, буннан оғада қуўандық. Дәслеп ыссыханада помидор-қыяр нәлин ектик. Нәллер өнимге киргеннен кейин, помидордың бир килограмын 30 мың сумнан, қыярды болса 15 мың сумнан саттық. Дәрамат жақсы болды. Оның изинен көк шөп ҳәм қулпынай ектик. Буннан да жақсы пайда алдық. Ҳәзир лимон нәллерин еккенбиз. Биринши зүрәәтти жыйнап саттық. Базарға алып барғанымыз жоқ, аўылласлардың өзлери үйимизден алып кетти. Ашығын айтқәнда бул жумыс турысы менен пайда. Артықша қәрежети жоқ. Жер бизлер жасайтуғын ҳәўлиде. Газ ҳәм электр энергиясына да пул жумсамаймыз, көрип турғаныңыздай, қойлардың өзи ысытады.
Дәрамат кимге жақпайды дейсиз. Оразгул апа менен Абдуҳошим аға жақында және 2,5 сотихқа жаңа ыссыхана қурдырған. Бул сапары бийпул емес, кредит тийкарында, бирақ жеңиллетилген!
Еки ярым сотих ыссыханадан бир жылда қанша дәрамат алдыңыз деп сораймыз. Абдуҳошим аға бираз ойланып, 30-40 миллион сум болыўы керек, дейди. Демек, екинши ыссыхана өнимге кирсе, улыўма дәрамат 70-80 миллион сум болады екен, дейди кәсиплесим. "100 миллион сум деп айта бериң", деп қояды Оразгул апа.
Көбирек пул табыўдың ҳәдисин алған үй ийесиниң мақсетине ҳәўесиң келеди. Оның айтыўынша, ыссыханашылықты үйретиўге бағдарланған оқыў орайын ашпақшы. Ең қызығы, оқыў курсы бийпул болады екен. "Саўап та керек", дейди Оразгул апа бизиң таңланғанымызды көрип. Мийнеткеш хожалықлардың жумысына табыслар тилеп, хошласамыз.
Брокколи егип байып атырғанлар
Жолдасларымыздан бири "Пахтаға қарағанда 15 есе дәраматлы егин ҳаққында еситкенсиз бе?" деп сораў береди. Тәбийий ҳалда, жоқ, деймиз. "Ондай болса кеттик. Мине усындай егин егилип атырған атызға барамыз", дейди жолдасымыз. Бир аз жүргеннен кейин, хожайынлар бизди Зарбдор районы "Ёшлик" МПЖ аймағындағы атызға алып барды. Бизди атыз басында Өткир Қўшбақов деген жас исбилермен күтип алды. Ал бизлердиң ишимиз және де қызады - ол қандай егин екен? Өткир аға бир басынан айтып береди. Бул егин ҳәзир көпшилигимиз пайдаланыўға үйренген брокколи екен. Ашығын айтқанда мен брокколин ҳәзирге шекем импорт өним деп ойлағанман. Бирақ, ол әлле қашан-ақ елимизде де жетистирилип атырған, дийқанлар оның ҳәр гектарынан 115 миллион сумға шекем дәрамат алып атырған екен.
- Бул егин ҳаққында биринши мәрте Зарбдор тәжирийбесин ғалаба ен жайдырыў бойынша районымызда өткерилген илажларда еситкен едим, - дейди Өткир аға. - Дәслеп буны өзимизде жетистирип бола ма, деп ойладым. Кейин бул ҳаққында интернеттен көп мағлыўмат изледик. Қарасам, районымыздың ықлымы оған әдеўир сәйкес келмекте. Тәўекел дедим де, сорастырып-сорастырып Ташкент ўәлаятынан бул егинди жетистириў бойынша тәжирийбели қәнигени районымызға шақырдық. 10 гектар майданға ектик. 2024-жылы июльде туқымын еккен болсақ, зүрәәтти октябрьде жыйнап алыўға киристик. Ашығын айтыў керек, бул егинниң қарыйдары жүдә көп болады екен. Жүк машинасына жүклеп, Ташкенттеги көтере базарларға алып бардық. Жолда оған талапкер табылар ма екен, тағы қайтарып алып келмес пе екенбиз, деген пикирлер де ойымнан өтти. Жоқ, базарға кириўимиз бенен тартысып сатып алды. Дәслеп қымбат саттық, кейин баҳа бираз төменледи. Буннан билинип турыпты, кейинги сапары брокколиди сәл ертерек егип, ерте базарға алып барыў керек екен.
Өткир ағаның сөзлерин еситип, бизлер де брокколи жетистиргимиз келди. Ақыры 10 гектардан бир миллиард сумға шамалас дәрамат алса жаман ма? Бирақ, ҳәр бир жумыстың өзине тән қыйыншылығы бар екенлигин де умытпаў керек.
Қадақланған суў төрт районға тарқатылмақта
Кейинги мәнзилимиз - районның Лалмикор мәҳәллесинде жайласқан, бүгин халықты арзан фильтрленген суў менен тәмийинлеўге үлес қосып атырған “Jahongir waters” ЖШЖ болды. Кәрхана басшысы Жамшид Элмуродов буннан алдын таяр ишимликлерди алып келип, өзине тийисли саўда дүканында көтере сататуғын еди.
- Бир күни маған усындай суўды өзимиз ислеп шығарып берейик деген пикир келди, - дейди исбилермен. - Бул ҳаққында ҳәким жәрдемшисине айттым. Ол усынысымды мақуллап, қоллап-қуўатлады. Солай етип, өз қаржыларымыз ҳәм банк кредити тийкарында баҳасы 1 миллиард 300 миллион сумлық усы жойбарды басладық.
Кәрханадағы жумыс процеси менен танысып, тек желим ыдыс капсулаларының сатып алыныўы, қалған барлық процесслер усы жердиң өзинде әмелге асырылыўының гүўасы болдық. Дәслеп арнаўлы станокта усы капсулалар 5 ҳәм 10 литрли ыдыс формасына келтириледи. Екинши станокта ыдысларга суў толтырылады. Үшинши станок оларды сапалы етип қадақлайды. Ақырында желим ыдысларга этикетка жабыстырылады. Мине енди өним пайдаланыўға таяр. Кәрхана енди оларды Жиззақтың төрт районына жеткерип береди. Логистика арзан болғаны ушын бул суў дүканларда арзанырақ сатылады. Буннан кимге пайда? Әлбетте, адамларға.
Жамшид ағаның айтыўынша, жақын арада кәрхана кредит тийкарында газли ишимликлер ислеп шығарыў линиясын да иске қоспақшы. Бул болса районда усындай түрдеги ишимликлердиң баҳасын төменлетиўге хызмет етеди.
Бүгин Зарбдорда еситсе қулағы, көрсе көзи қуўанатуғын жойбарлар көп. Оның артында халықтың басламалары тыңланып, қоллап-қуўатланып атырғаны тур. Мениңше, Зарбдор тәжирийбесиниң мәниси де әне сонда.
Пайтахтқа қайтыўға таярланып атыр екенбиз, жолдасымыздың "Бүгинги Зарбдор кешеги Зарбдор емес" деген сөзи кейпиятымызды көтерип жиберди. Бул адамлардың арзыў-мақсетлери ҳаққында тыңлаў, оларға имканият жаратып бериў, әлбетте, нәтийже көрсететуғының көриниси еди. Демек, ҳәрекет етсе, баслама көрсетсе, үлкен жетискенликлерге ерисиў имканияты бар. Усы мәнисте, өз көзимиз бенен көргеннен соң, Зарбдор тәжирийбеси пүткил мәмлекетимиз бойлап ғалаба ен жайдырыўға мүнәсип болған тәжирийбе екенине толық исеним пайда еттик. Районда жасап үлкен дәрамат табыў мүмкин емес, дегенлерди болса Зарбдорға алып барып, өзгерислер менен таныстырыў керек.
Бизлер болса зарбдоршылар менен хошласып, пайтахтқа қарай жол алдық. Жол-жөнекей әтирапқа нәзер таслап, өзгерислер усы тәризде даўам етип турса, 3-4 жылдан кейин бул жерлерди таныўға қыйналып қалыўымыз мүмкин, деген ой өтеди қыялдан. Жолдасларымыз болса шама менен неше саатта пайтахтқа жетип баратуғынымыз ҳаққында сәўбетлеседи.
Жонибек АЛИЖОНОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы