Кейинги сегиз жылда экономика избе-из өсти. ЖИӨ көлеми 2017-жылдағы 69,6 миллиард доллардан 2024-жылы 115 миллиард долларға жетти. Бир қарағанда санлар әпиўайы статистика сыяқлы көриниўи мүмкин. Бирақ олардың тийкарында миллионлаған инсанлардың турмыс шараятының жақсыланғаны, жумыс орынларының көбейгени ҳәм жаңа имканиятлар ашылғаны жәмленген.
Инфляция дәрежеси болса 14,4 проценттен 9,8 процентке төменлегени базарларда баҳаны турақлы сақлаў, халықтың күнделикли сатып алыў қәбилети артыўына хызмет етти. Бул көрсеткишлер экономикалық сиясаттағы үзликсиз реформалардың нәтийжесин айқын көрсетеди.
Пуқаралар мәмлекетлик бюджетти бөлистириў процесинде тиккелей қатнаса баслады. "Ашық бюджет", "Мениң жолым" ҳәм "Басламалы бюджет" платформалары арқалы ҳәр бир пуқара өз даўысы менен мәҳәллеси, қаласының раўажланыўына үлес қоспақта.
Мәмлекетлик бюджет дәраматы 2017-жылдағы 49,7 триллион сумнан 2024-жылы 274,4 триллион сумға жетти. Бир ўақыттың өзинде ҚҚС ставкасының 20 проценттен 12 процентке түсирилиўи исбилерменлердиң салық жүгин жеңиллестирди ҳәм бәсекиге шыдамлылығын арттырды.
Өзбекстан халықаралық майданда исенимли шерик сыпатында да өзин көрсетти. 2024-жыл май айында Ташкентте өткерилген халықаралық инвестиция форумында 26,6 миллиард долларлық келисимлерге қол қойылғаны мәмлекетимизге исенимниң айқын дәлили болып есапланады.
Тийкарғы капиталға инвестициялар 2017-жылдағы 72,2 триллион сумнан 2024-жылы дерлик 494 триллион сумға жетти. Тиккелей сырт ел инвестицияларының муғдары болса 3,3 миллиард доллардан 34,7 миллиард долларға көбейди. Бул санлардың артында жаңа заводлар, өндирис кәрханалары, технологиялар, ең әҳмийетлиси, жаңадан ашылған жумыс орынлары бар.
Финанс базарын еркинлестириў ҳәм төлем системаларын модернизациялаў халық ҳәм бизнес ушын үлкен қолайлықлар жаратты. “HUMO” ҳәм “Uzcard” системалары интеграцияланғаны төлемлердиң ашық-айдынлығын тәмийинледи.
2024-жылы коммерциялық банклердеги аманаттың баҳасы 308,7 триллион сумға жетти. Бул көрсеткиш халықтың финанс системасына исеними артып атырғанынан дәрек береди. Процент ставкаларының төменлетилиўи болса исбилерменлердиң кредит алып жумыс баслаў имканиятын кеңейтти.
Өзбекстанда қайта тиклениўши энергия дәреклери ҳәм санлы экономикаға үлкен итибар қаратылмақта. Бухара, Наўайы ҳәм Наманган ўәлаятларында қурылған қуяш ҳәм самал электр станциялары мәмлекеттиң энергетика гәрезсизлиги тәрепке тасланган әҳмийетли қәдем болып есапланады. 2024-жылы "жасыл" энергияның улыўма үлеси 16 процентке жетти.
Соның менен бирге, интернет тезлигиниң 4200 Гбит/с қа, елатлы пунктлерди кең полосалы интернет пенен қамтып алыў көрсеткиши 97,5 процентке жеткерилгени санлы экономиканың раўажланыўына тийкар жаратты. Бул реформалар тек ғана экономикалық өсиў емес, ал турмыс сапасының пүткиллей жаңа басқышқа көтерилиўине хызмет етпекте.
Өзбекстанда исбилерменлик жумысына кеңнен жол ашылмақта. Жаңа нызамлар ҳәм қоллап-қуўатлаў бағдарламалары арқалы жеке меншик сектор экономиканың жетекши күшине айланып бармақта. “BYD” ҳәм “KIA” сыяқлы халықаралық брендлер мәмлекетимизде өндиристи жолға қойды. Аўыл хожалығында суўды үнемлейтуғын технологиялар 1,2 миллион гектар майданда енгизилди.
Бир сөз бенен айтқанда, "Өзбекстан - 2030" стратегиясы халық абаданлығы ҳәм мәмлекет турақлылығын тәмийинлеў жолында әмелий ҳәрекетлер бағдарламасына айланды. Макроэкономикалық турақлылық, бюджет сиясатының ашық-айдынлығы, инвестициялық орталықтың кеңейиўи, банк системасының модернизацияланыўы, "жасыл" ҳәм санлы экономиканың раўажланыўы және жеке меншик сектордың қуўатлылығы мәмлекеттиң жаңа келбетин жаратпақта.
Ең әҳмийетлиси, бул реформалар санларда емес, ал турмыста - халықтың күнделикли турмыс тәризинде, халық ушын жаратылып атырған имканиятларда өз көринисин таппақта. Бул процесслердиң избе-из даўам еттирилиўи "Өзбекстан - 2030" стратегиясында белгиленген узақ мүддетли мақсетлерге ерисиўге хызмет етеди.
Жамшид ШАРИПОВ,
"Раўажланыў стратегиясы" орайы бөлим баслығы