Президентимиз Давос қаласында өткерилген халықаралық сөйлесиў шеңберинде Тынышлық кеңесиниң басламасын қоллап-қуўатлады. Бул қәдем мәмлекетимиздиң тынышлық сүйер ҳәм ашық сыртқы сиясатының логикалық даўамы болып есапланады.
Өзбекстан бәрқулла урыс емес, қарым-қатнас тәрепдары болып келген. Елимиз келиспеўшиликлерди дипломатиялық жол менен шешиў, мәмлекетлер арасында исенимди беккемлеў тәрепдары сыпатында халықаралық майданда тән алынған. Тынышлық кеңесине қосылыў мине усы принциплерге толық сәйкес келеди. Бул әскерий ямаса мәжбүрий структура емес, ал тынышлық, келисим ҳәм бирге ислесиўге хызмет ететуғын халықаралық платформа болып есапланады.
АҚШ Президентиниң басламасы менен шөлкемлестирилген Тынышлық кеңесиниң тийкарғы мақсети тартыслы аймақларда турақлылықты тәмийинлеў, тынышлық ҳәм нызамлы басқарыўды беккемлеў болып есапланады. Бул кеңес БМШ пенен биргеликте ислейди, бирақ оның ўазыйпасы тийкарынан мәсләҳәтши, дипломатиялық ҳәм турақлылықты қоллап-қуўатлаўшы механизм сыпатында белгиленген.
Кеңестиң уставы тартыслы регионларда жумыс алып барыў, исеним орталығын жаратыў ҳәм халықаралық бирге ислесиў арқалы тынышлықты тәмийинлеўди нәзерде тутады. Сондай-ақ, ол халықаралық жәмийетшилик ушын инвестициялық ҳәм экономикалық бирге ислесиў имканиятларын да кеңейтиўге хызмет етеди.
Өзбекстан Тынышлық кеңесине шөлкемлестириўши мәмлекет сыпатында қосылыўы менен халықаралық майдандағы абырайын және де беккемлейди. Бул қәдем тек ғана мәмлекетимиздиң дипломатиялық позициясын беккемлеп қоймастан, ал глобал тынышлық ҳәм турақлылыққа үлес қосыў имканиятын да береди.
Бүгинги күнде дүнья көлеминде тынышлық ҳәм қәўипсизлик мәселелери стратегиялық әҳмийетке ийе. Өзбекстанның бул кеңеске қосылыўы елимиз ушын бир қатар абзаллықларды усынады.
Бириншиси, халықаралық абырай ҳәм исеним: Өзбекстан жуўапкершиликли ҳәм тынышлықты сүйиўши мәмлекет сыпатында тән алынды. Бул халықаралық бирге ислесиў ҳәм сөйлесиўде исенимли шерик сыпатында қабыл етилиўине алып келеди.
Екиншиси, экономикалық ҳәм инвестициялық имканиятлар: Тынышлық кеңеси шеңбериндеги жойбарлар мәмлекетимиз ушын экономикалық бирге ислесиў ҳәм инвестициялық орталықты және де беккемлейди. Турақлылық ҳәм қәўипсизлик ишки социаллық ҳәм экономикалық раўажланыўға да унамлы тәсир етеди.
Үшиншиси, глобаллық ҳәм регионаллық бирге ислесиў: Өзбекстан регионаллық ҳәм глобаллық мәселелерде өз тәжирийбесин алға қойыў, Аўғанстан мәселесиндеги конструктивлик позициясы ҳәм Орайлық Азияда исеним орталығын беккемлеў бойынша жумыс арқалы және де кеңирек халықаралық бирге ислесиў имканиятына ийе болады.
Төртиншиси, миллий мәплерди тәмийинлеў: Тынышлық кеңеси тек халықаралық ўазыйпалар менен шекленип қалмастан, Өзбекстанның миллий мәплерин де қорғайды. Мәмлекет ғәрезсиз сыртқы сиясат жүргизиў, әскерий блокларға қосылмаў ҳәм тынышлық жолынан барыў принциплерин сақлайды.
Тынышлық кеңеси Өзбекстан ушын тек ғана дипломатиялық ҳәм сиясий әҳмийетке ийе емес, ал ол халықаралық көлемде турақлылық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўге қаратылған әмелият майданы болып есапланады. Бул кеңес арқалы Өзбекстан:
- жәнжелли аймақларда турақлылықты тәмийинлеўде белсене қатнасыў;
- глобал тынышлық басламаларын алға қойыў;
- экономикалық ҳәм гуманитарлық бирге ислесиўде жаңа имканиятлар жаратыў;
- регионаллық ҳәм глобал тәсирди күшейтиў имканиятына ийе болады.
Соның менен бирге, кеңес БМШ ҳәм басқа да халықаралық институтлар менен биргеликте жумыс алып барыў арқалы Өзбекстанның халықаралық майдандағы роли ҳәм абырайын және де арттырады.
Тынышлық кеңесине қосылыў Өзбекстан ушын стратегиялық ҳәм тарийхый әҳмийетке ийе қәдем болып есапланады. Бул қәдем мәмлекетимиздиң глобал тынышлық ҳәм турақлылыққа үлес қосыў имканиятларын кеңейтеди, миллий мәплерди қорғаў ҳәм регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў ушын турақлы платформа жаратады.
Өзбекстанның Аўғанстан мәселесиндеги конструктивлик позициясы, Орайлық Азияда исеним орталығын жаратыў ҳәм регионаллық бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған басламалары халықаралық майданда жоқары баҳаланбақта. Бул тәжирийбе Тынышлық кеңеси шеңберинде де мәмлекетимиздиң белсене қатнасыўы ушын әҳмийетли тийкар болып хызмет етеди.
Исеним менен айтыў мүмкин, бул қарар қысқа мүддетли сиясий мәплер ушын емес, ал келешек әўладлар ушын тыныш, турақлы ҳәм раўажланған Өзбекстанды қурыўға қаратылған. Биз тынышлыққа үлес қосыў арқалы өз миллий мәплеримизди де беккемлеймиз.
Алып барылып атырған ақылға уғрас ҳәм стратегиялық сыртқы сиясат тек ғана мәмлекетимиз ушын нәтийжели емес, ал халықаралық жәмийетшиликте Өзбекстанның абырайы ҳәм тәсирин де арттырады. Өзбекстан таңлаған жол қарым-қатнас, бирге ислесиў ҳәм тынышлық жолы болып табылады. Бул жол тек ғана миллий раўажланыў емес, ал дүньяның турақлы ҳәм қәўипсиз глобал системасына да үлес қосыў имканиятын береди.
Сондай-ақ, бул сыртқы сиясат Өзбекстан ушын халықаралық инвестициялар, гуманитарлық ҳәм экономикалық бирге ислесиў имканиятларын кеңейтиў, регионаллық ҳәм глобаллық тәсирин беккемлеў ушын турақлы тийкар жаратады.
Швейцарияға сапар етиў менен байланыслы және бир тәрепке тоқтап өтиў керек. Мәмлекетимиз басшысының Тынышлық кеңеси режесине қол қойыў мәресими шеңберинде бир қатар мәмлекетлердиң жетекшилери, ири халықаралық финанслық шөлкемлер ҳәм компаниялардың басшылары менен өткерген нәтийжели сөйлесиўи де жоқарыдағы пикирлеримизди тастыйықлаған ҳалда Өзбекстанның тыныш ҳәм турақлы раўажланыўы ушын тийкар жаратады.
Қобилжон ТУРСУНОВ,
сенатор