Мине, усы қызғын ҳәм әжайып процесстеги избе-из өзгерислердиң бир бөлеги денсаўлықты сақлаў тараўы менен де тығыз байланыслы. Себеби раўажланған, заманагөй медицинасыз саламат миллет ҳәм халықты, ҳәр тәреплеме саламат ҳәм толық генофондты көз алдымызға келтирип болмайды. Биз умтылып атырған жаңа ояныў дәўирине болса өткир ой-пикир, саламат ақыл, бәркамал дене арқалы ерисиледи.
2025-жыл медицина тараўындағы қызғын баслама ҳәм ҳәрекетлер жылы сыпатында да тарийхқа мөрленбекте. Атап айтқанда, усы жыл 7-май күни Президентимиздиң басшылығында медицинаның басланғыш буўыны ҳәм қәнигелескен мәкемелерде хызметлердиң сапасын арттырыў, дәри-дәрмақларды тутыныўды тәртипке салыў және медициналық билимлендириўди жетилистириў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилген еди. Онда халықтың саламатлығын сақлаў ҳәм беккемлеўге байланыслы шешиўши ўазыйпалар белгиленди. Соның ишинде, "Медицинада 90 күнлик өзгерислер" бағдарламасының басланатуғыны жәрияланды. Мине, усы баслама шеңберинде бир қатар салмақлы нәтийжелерге ерисилди. Системаны санластырыў процесин даўам еттириў, басланғыш буўынды халыққа жақынластырыў, медициналық хызметтиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў сыяқлы бағдарларда исленген жумыслар үлкен мақсетлер жолында беккем тийкар ўазыйпасын атқарады. Бул процессте мәмлекетлик медицина мәкемелери менен бирге жеке меншик клиникалар да белсене қатнасты. Себеби мақсет бир - халқымыздың саламатлығын сақлаў, кеселликлердиң алдын алыў ҳәм нәтийжели емлеў арқалы сапалы турмыс дәрежесин тәмийинлеў. Мине, усы мақсет жолындағы ҳәрекетлердиң нәтийжеси сыпатында Қубла Корея тәжирийбесине тийкарланған, наўқасты басынан аяғына шекем тексериўден өткериўди нәзерде тутатуғын заманагөй емлеў-профилактика системасын иске қостық. Әдетте тиришилик себепли айырым ўатанласларымыздың денсаўлығына итибар бермегени, кеселликтиң соңғы басқышында ғана шыпакерге мүрәжат еткенин сынға аламыз. Мениңше, бул халқымыздың шыдамлылық, сабыр-тақат ҳәм мәртлик сезимлери менен байланыслы.
Әзелден бабаларымыз бир жери аўырса, дәрҳал жатып алыўды өзине лазым көрмеген. Перзентлериниң денсаўлығы, толық камалға келиўи ҳаққында қайғырған. Бала-шағасы үйли-жайлы болғаннан кейин оларға экономикалық жақтан аўыр болыўын қәлемеген. Ҳәзир халқымыздың экономикалық жағдайы әдеўир турақласты. Перзентлер де ата-аналарының денсаўлығы, узақ жасаўы ҳаққында қайғырмақта. Биз иске түсирген жаңа тексериў-профилактика системасы мине усындай ўатанласларымыздың талап ҳәм тилеклериниң туўындысы болып табылады. Қалаберди, бул мәмлекетимиз жүргизип атырған сиясаттың қаншелли дурыс ҳәм әдил екенин көрсетеди.
Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 10-ноябрь күни медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери менен өткерген ушырасыўы денсаўлықты сақлаў тараўында бурын берилген тапсырмалардың орынланыўын көрип шығыў, ерисилген нәтийжелерди беккемлеў ҳәм анықланған кемшиликлерди шешиўдиң нәтийжели усылларын жолға қойыў бағдарында гезектеги салмақлы қәдем болды. Президентимиз денсаўлықты сақлаў тараўындағы жаңаланыў ҳәм өсиў көрсеткишлерине тоқтап өтип, жумысымызға байланыслы ҳәм бизди руўхландыратуғын әҳмийетли тәрепти - медицинада жеке меншик сектордың үлеси артып атырғанын айрықша атап өтти. Соның ишинде, кейинги сегиз жылда жеке меншик клиника ҳәм лабораториялардың саны 3 есеге көбейип, 9 мыңға, олардағы емлеў орынлары 57 мыңға, сондай-ақ, олар көрсетип атырған медициналық хызмет түрлери болса 50 ден дерлик 130 ға жеткени атап өтилди. Бүгин жеке меншик клиникалар мәмлекетлик емлеўханалар менен теңдей турып, айырым жоқары технологиялық хызметлер бойынша алдынлап кеткени, мәселен, хирургияда робот технологиялары да биринши болып жеке меншик секторда қолланылғаны тән алынды. Ҳәттеки жеке меншик клиникалардың заманагөй аппаратлардан нәтийжели пайдаланыў тәжирийбесин үйрениў керек екенлиги атап өтилди. Бул тән алып атырған жумысларымыз бийкарға кетпей атырғанын, ўатанласларымыздың денсаўлығын сақлаў ҳәм беккемлеўге умтылысымыз мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланып атырғанын сездик.
Мәмлекетимиз басшысы қайсы тараўдың раўажланыўы ҳаққында сөз етпесин, онда өткерилип атырған реформалар орайына халықты разы етиў мәселесин қояды. Соның ишинде, усы мәжилисте де Президентимиз мәселениң усы тәрепине итибар берип, соның ишинде, былай деди: "Бүгин адамлардың турмысқа мүнәсибети де, талап ҳәм мүтәжликлери, көзқарасы да түп-тийкарынан өзгерди. Бул басқа тараўлар қатарында медицинада да сапаны арттырыў, заманагөй көзқарасларды алып кириў бойынша алдымызға жаңа ўазыйпаларды қоймақта. Соның ушын медицинада халықтың баҳасын еситетуғын системаны енгиземиз".
Ҳақыйқатында да сондай: бүгин адамлардың медициналық хызметке мүнәсибети, талабы пүткиллей басқаша. Ең алдынғы ҳәм заманагөй емлеў хызметлеринен пайдаланыўды қәлейди. Бул болса барлық түрдеги медицина мәкемелериниң жәмәәтинен илим жетискенликлери менен тең қәдем таслаў, емлеўдиң ең нәтийжели усылларын ҳәм технологияларын үйрениў ҳәм әмелиятқа енгизиў, заманагөй тексериў, таллаў ҳәм диагностика үскенелерин қолланыўды талап етеди. Буларсыз ҳеш бир клиниканың жумысы раўажланбайды ҳәм халықтың медициналық хызметлерге талабын қанаатландыра алмайды. Себеби ҳәзирги ўақытта тараўдағы бәсеки оғада қызғын. Мәмлекетимизде медициналық хызметлердиң сапасын арттырыўға қаратылған жоқары итибар, берилип атырған имканият ҳәм жеңилликлер себепли клиникалардың жумысына ҳәр күни жаңалық алып кирип атыр. Емлеўдиң жаңадан-жаңа усылларын жолға қоймақта. Клиентлердиң исенимине ерисиўге қаратылған турақлы ҳәрекетлер тараўдың раўажланыўына унамлы тәсир етпекте.
Президентимиз ҳәзир медициналық хызметлердиң 30 проценти жеке меншик сектор тәрепинен көрсетилип атырғаны, алдыңғы басламалар да олардан шығып атырғанын атап өтип, олардың жеке меншик шерикликти кеңейтиў бойынша барлық усынысларын көрип шығыўға таяр екенин билдиргени жеке меншик клиникалардың жумысына пүткиллей басқаша стимул береди.
Мәжилисте жеке меншик медицина клиникаларында көрсетилип атырған хызметлердиң баҳалары арзан екени, келешекте де медицинада жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға қосымша шараятлар жаратыў даўам еттирилетуғыны атап өтилди. Атап айтқанда, келеси жылдан медициналық үскене, инвентарь ҳәм тез жәрдем машиналарын алып келиў бойынша жеңиллик 3 жылға создырылатуғын болды. Улыўма аўқатланыў кәрханаларына ҚҚСтың бир бөлегин қайтарыў бойынша берилген жеңиллик жеке меншик медицина шөлкемлерине де қолланылады. Заманагөй көп тармақлы клиникаларды шөлкемлестириў ҳәм оларды үскенелеў ушын исбилерменлерге 200 миллион долларлық жеңиллетилген ресурс ажыратылады. Бул қаржы келеси жылдан баслап исбилерменлерге 7 жыл мүддетке 3 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 17 процент ставкада бериледи. Бул жеңилликлер - оғада үлкен қоллап-қуўатлаў. Олардың әҳмийетин жеке меншик клиниканың басшысы сыпатында мен ҳәм басқа кәсиплеслерим жүдә жақсы билемиз. Мәмлекет нениң есабынан жеңиллик береди? Әлбетте, өз мәпи, дәрамат дәрегин жоғалтыў есабынан. Бул Өзбекстан өз халқының денсаўлығы, саламатлығы ушын ҳәмме нәрсеге таяр екенин айқын дәлиллейди.
Ушырасыўда Президентимиз айтқан жалынлы сөзлер жүрегимде мөрленип қалды: "Мен шыпакер ийниндеги ақ липасты тек ғана кәсип белгиси емес, ал Ўатанға шексиз садықлық тымсалы деп билемен...".
Ақ рең - пәклик, тазалық, ҳадаллық, мийрим-шәпәәт белгиси. Демек, үстине медицина хызметкери липасын кийген инсан мине усы пазыйлетлер қатарында Ўатанға, халыққа, Президентке садықлықты да мойнына алған болады. Биз топарымызға профессионал, соның менен бирге, кийиўине мүнәсип хызметкерлерди қабыл етиўге айрықша итибар қаратамыз. Себеби шыпакер, улыўма медицина тек ғана емлеўши, наўқаслардың дәртине дәрман болатуғын жоқары маманлықтағы қәниге емес, ал шийрин сөзли, әлпайым, инсан қәдирин биринши орынға қоятуғын мийрим-шәпәәт ийеси де болыўы шәрт. Өзим гүўа болған бир мысалды айтып бермекшимен. Жақын тарийхымызда әтирапымыздағы мәмлекетлерде шыпакер болып ислеп атырған жерлеслеримиздиң қарыйдары көп болған. Жеке меншик клиника басшысы буның себебине қызығып қалған. Себеби емлеўханадағы басқа қәнигелер де жоқары маманлықта, ҳәттеки тәжирийбели де. Сонда наўқаслар арасында сораўнама өткериледи. Нәтийжеге қараң: келген наўқасларға өзбек шыпакериниң әлпайымлығы, шийрин сөйлеўи унаған екен. Наўқас адамның кеўли оғада нәзик болады, сәл нәрсени де жүрегине жақын алады. Буны жақсы билген ҳәм әмелге асырған шыпакердиң жумысы еки есе аңсат питеди: наўқасы оған исенеди ҳәм кеселликти тез жеңеди. Кәсиплеслерим менен пикирлескенде мине усы ҳақыйқатты бәрқулла үгит-нәсиятлайман.
Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиздиң қоңсы мәмлекетлер менен тығыз байланыслары күн сайын беккемленип, дослық сиясатының нәтийжеси елимиздеги клиникаларға келип атырған қарыйдарлардың санында да айқын көринбекте. Тек ғана бизиң клиникаға 2023-жылы қоңсы мәмлекетлерден 1861, басқа сырт еллерден 625 мүрәжат болған. Усы жылы бул көрсеткиш сәйкес түрде 2328 ҳәм 863 ти қурады. Бул тек ғана бизге емес, ал өзбек медицинасына билдирилип атырған исеним белгиси. Оны ақлаў ушын және де көп ҳәм илимге сүйенип, мийнет етиўимиз, оқып, излениўимиз, заманагөй медицина жетискенликлерин жумысымызға енгизип барыўымыз шәрт. Мәмлекетимизди регионның медицина хабына айландырыў жолындағы ҳәрекетлердиң пәти бизден соны талап етпекте.
Ҳусниддинхожа ҲАМИДХОЖАЕВ,
“DAVO” клиникасы баслығы