Онда нәшебентлик ҳәм наркожынаятшылықларға қарсы гүресиў, кибержынаятлардың алдын алыў және халықтың, әсиресе, жаслардың қәўипсизлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылады.
Ишки ислер министри Азиз Ташпулатовтың басшылығында өткерилген мәжилисте усы илаждың жаңа басқышына таярлық ҳәм алдынғы басқыш нәтийжелери додаланды.
Алдынғы басқышта жынаятлар 2 228 ге азайған
Усы жылдың 1-июль — 15-август күнлери өткерилген илаждың екинши басқышы нәтийжесинде алдын алыў зәрүр болған жынаятлар 2 228 ге азайған.
Адам өлтириў, аўыр дене жарақатын жеткериў, тонаўшылық, басқыншылық, алдаўшылық ҳәм бийзарылық сыяқлы жынаятлардың саны азайған. Ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң басламасы менен жынаятларды анықлаў көрсеткиши болса 792 ге артқан.
Дерлик 1,8 миллион доза нәшебентлик заты анықланған
Илаж даўамында "қара базар"да шама менен баҳасы 221,7 миллиард сум болған 1,8 миллион доза нәшебентлик қуралы анықланған.
Сондай-ақ, 66 мың дана күшли тәсир ететуғын дәри қураллары ҳәм 44 919 түп зәҳәрли өсимлик конфискацияланған. Үш нызамсыз нарколабораторияның жумысына шек қойылған.
Бундай илажлар, әсиресе, жасларды нәшебентлик бәлесинен қорғаў ҳәм наркотик затлардың нызамсыз тарқалыўына қарсы гүресиўге қаратылған.
Кибержынаятлардан 18 мыңнан аслам пуқараның ҳуқықлары тикленген
Интернет арқалы жүз берип атырған жынаятлар да мәжилисте айрықша додаланды.
Мәлим етилиўинше, өткен дәўирде Өзбекстан кибермәканын қорғаў мақсетинде 24 мыңнан аслам оператив-техникалық ҳәм оператив-излеў илажлары өткерилген.
Нәтийжеде мәлимлеме технологияларынан пайдаланған ҳалда жүз берген 17 490 жынаят ашылған. Бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 251 процентке көп.
Көрилген илажлар нәтийжесинде 18 мыңнан аслам пуқараның бузылған ҳуқықлары менен нызамлы мәплери тикленген. Оларға жеткерилген 182 миллиард 176 миллион сум материаллық зыянның қайтарылыўы тәмийинленген.
660 мыңнан аслам пуқараның пуллары талан-тараж етилиўине жол қойылмаған
Кибержынаятшылар көбинесе пуқаралардың банк карталары мағлыўматлары ҳәм тастыйықлаў кодларын қолға киргизиў арқалы пулларын өзлестириўге ҳәрекет етеди.
Ишки ислер уйымлары тәрепинен банк есап бетлеринен қаржыларды нызамсыз шешип алыўға қаратылған 459 фишинг түриндеги зыянлы бағдарлама анықланып, олардың жумысына шек қойылған.
Соның нәтийжесинде соңғы 9 ай даўамында 660 мыңнан аслам пуқараның электрон қурылмалары ҳәм пул қаржыларының талан-тараж етилиўине жол қойылмаған.
Сондай-ақ, криптоактивлер айланысы тараўындағы нызамшылық бузылыўы менен байланыслы 3 929 жынаят анықланған. Жынайый жол менен табылған 112,2 миллиард сумнан аслам қаржыларды криптоактивлер түринде мәмлекеттен алып шығып кетиўдиң алды алынды.
Пуқаралар нелерге итибар бериўи керек?
Ишки ислер уйымлары халықты интернеттеги алдаўшылықлардан абайлы болыўға шақырмақта.
Соннан:
Банк картасы мағлыўматлары ҳәм СМС-кодларды басқа шахсларға бермеў;
Белгисиз силтемелер арқалы кирилген сайтларға жеке мағлыўматларды киргизбеў;
Интернет арқалы келген гүманлы усынысларға исенбеў;
Социаллық тармақлардағы аккаунтлар ҳәм жеке мағлыўматларды қорғаў.
"Қәўипсиз ҳәм саламат ел" илажының үшинши басқышында ҳуқық қорғаў уйымлары, жергиликли ҳәкимликлер ҳәм басқа да шөлкемлердиң бирге ислесиўи күшейтиледи.
Илаж шеңберинде жынаятшылықтың алдын алыў, нәшебентликке қарсы гүресиў ҳәм халық, әсиресе, жаслар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў бойынша жумыслар алып барылады.