Өзбекстанның туризм потенциалы туристлер ушын қолайлылық, қәўипсизлик ҳәм барыўға арзыйтуғын мәнзиллер көзқарасынан халықаралық шеңберде жоқары тән алынбақта. Соның ишинде, “BBC Travel” глобал медиа порталы Өзбекстанды 2025-жылы саяхат етиў ушын ең жақсы 25 жөнелис дизимине киргизди. АҚШтың жетекши басылымы - “The New York Times” Бухара қаласын 2025-жылы барыўға арзыйтуғын ең жақсы 52 орын, “Time Out” журналы болса Самарқандтағы Регистан майданын дүньядағы ең гөззал 44 орын сыпатында атап өтти.

Туризм тараўындағы өзгерислер ҳәм реформалар ҳаққында 2025-жылдың өткен дәўиринде жергиликли ғалаба хабар қуралларында 3,8 мыңға шамалас материал жәрияланды. Сырт ел ғалаба хабар қуралларында 250 ден аслам материал басып шығарылды.

Жәҳән экономикасында жүз берип атырған кескин бәсеки орталығында туризм экономиканың жедел раўажланып атырған тараўларынан бирине айланбақта. Бүгинги күнде дүньяда 200 миллионға шамалас адам туризм тараўында мийнет етпекте. Оннан түсип атырған дәрамат 1 триллион АҚШ долларын қурамақта. Туристлер қатары ҳәр жылы 4-5 процент көбейип, басқа мәмлекетлерге саяхат етиўшилердиң саны 1 миллиардтан артады. Қалаберди, ҳәзир дүньяда жаратылып атырған ҳәр 10 жумыс орнының биреўи әйне туризм тараўының үлесине туўра келмекте. Туризмде табылған дәраматтың 30 проценти адамлардың қолына мийнет ҳақы болып барады, санаатта ҳәм басқа да тармақларда бул көрсеткиш 10 проценттен артпайды.

Өзбекстанда кейинги жылларда туризм бойынша жүдә кескин өзгерислер бақланбақта, олар тараўдың раўажланыўына өз тәсирин көрсетпекте. Атап айтқанда, туризмди раўажландырыўға қаратылған жаңа нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ислеп шығылмақта, халықаралық ҳәм жергиликли дәрежеде өткерилип атырған илажлар, жаңа билимлендириў мәкемелериниң жумысы жолға қойылыўы, жаңа туризм өнимлери ҳәм бағдарларының жаратылыўы, туризм инфраструктурасын жетилистириўге байланыслы ҳәрекетлер, сырт ел инвесторларын тартыў, ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақ ўәкиллериниң келиўи ҳәм басқа да бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Президентимиз быйыл 9-апрельде аймақлардың туризм потенциалын арттырыў, сырт ел инвестициялық жойбарларын жеделлестириў мәселелерин додалаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде туризм тараўындағы айырым кемшиликлерге айрықша тоқтап өтти. Соның ишинде, аймақларда капсулалы жайлардан ибарат орын тек ғана Китапта ашылғаны атап өтилип, қалған 35 район ҳәм қалада да ашыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Жуўапкерлерге "туризм шеңбери"не кирген жолларды оңлаў бойынша есап-санақ етип, жумысларды баслаў тапсырылды. Туризм аўылларын шөлкемлестириў бойынша 3 жыл алдын басланған жумыс жақсы нәтийже берип атырғаны атап өтилди. Сондай-ақ, мәжилисте орынлардағы имканиятларды жүзеге шығарып, туризм бағдарларын көбейтиў, туристлерге шараятларды кеңейтиў илажлары додаланды.

Мәселен, Сариосиё районының тийкарғы бөлеги таўлардан ибарат болып, қысқы туризм ушын үлкен потенциал бар. Ол жерде аспа жол, мийманхана ҳәм саўда-сервис хызметлери тараўында 200 миллион долларлық жойбарлар ислеў мүмкин. Чартақ районы да гөззал тәбияты, шыпалы суўы менен белгили.

Жуўапкерлерге усындай 36 район ҳәм қаланы этно, гастрономиялық, медициналық, экстремал, мәдений-тарийхый, зыярат, қысқы ҳәм агротуризм тийкарында раўажландырыў бойынша бағдарлама ислеп шығыў тапсырылды.

Усы видеоселектор мәжилисинде айтылған имканиятларды иске қосып, усы жылы туризм тараўында:

- сырт елден 15 миллион турист тартыў ҳәм экспортты 4 миллиард долларға жеткериў;

- 635 мийманхана ҳәм мийман үйин иске қосыў, 50 мың жаңа жумыс орнын жаратыў;

- қосымша 375 туроператор жумысын жолға қойыў;

- Әндижан, Жиззақ, Наўайы, Сурхандәрья, Ташкент ўәлаятында биреўден, Қашқадәрьяда 2 ҳәм Бухарада 3 туризм аўылын шөлкемлестириў тийкарғы ўазыйпалар етип белгиленди.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен берилген тапсырмалар тийкарында елимизде 2025-жылдың биринши ярым жыллығында туризм тараўында бир қанша жумыслар исленди.

Атап айтқанда, усы жылдың январь-июнь айлары даўамында 5,3 миллионнан аслам сырт ел туристи келген ҳәм туризм хызметлериниң экспорты 2,4 миллиард долларды қураған. Онда қоңсы мәмлекетлерден ҳәм ҒМДА мәмлекетлеринен келген туристлердиң саны 2024-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 1,1 есеге, узақ сырт мәмлекетлерден келгенлер 1,3 есеге артқан. Мәмлекетлер кесиминде Қытайдан өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 2,6 есеге, Франция, АҚШ, Испания, Малайзия, Ҳиндстан ҳәм Түркиядан 1,2 есеге, Германия ҳәм Италиядан 1,1 есеге көп турист келген.

"Өзбекстан бойлап саяхат ет!" бағдарламасы шеңберинде аймақлар бойлап халықтың 12,3 миллион сапары әмелге асырылған. Социаллық жәрдем сыпатында имканияты шекленген 8,3 мыңға шамалас шахс ҳәм 2,7 миллион жастың саяхатлары шөлкемлестирилген.

Туризм ҳәм оған байланыслы тараўлар бағдарында 11 мыңға шамалас жаңа жумыс орны жаратылған. Аймақларда 60 жаңа мийманхана, 287 шаңарақлық мийман үйи, 146 хостел ҳәм 24 басқа да жайластырыў орны, жәми 517 жаңа жайластырыў орны (12,8 мың орын) шөлкемлестирилген. Бүгинги күнде мийманхана ҳәм жайластырыў орынларының саны 6 448 ге жетип, орынлар саны 170 мыңнан артқан.

Туристлерге хызмет көрсетиўши 368 жаңа туристлик шөлкем ҳәм турагентлик жумысының жолға қойылыўы нәтийжесинде олардың саны 4052 ге жеткен.

Республикамыз бойлап 3 415 гид-экскурсовод жумыс алып бармақта, усы жылдың январь-июнь айларында 215 гид-экскурсовод таярланған.

Сырт еллерде (Испания, Венгрия, Германия, Россия, Қытай, БАӘ, АҚШ сыяқлы) болып өткен 18 абырайлы туризм көргизбеси ҳәм ярмаркасында Өзбекстанның туризм потенциалы үгит-нәсиятланған.

Мәмлекетимиздиң туризм потенциалы "Қытайда Өзбекстан туризм жылы" шеңберинде 20 дан аслам провинцияда таныстырылған.

Сырт елдиң 11 мәмлекетинде 21 “Road show”, мәденият илажы ҳәм презентация шөлкемлестирилип, 15 сырт елдиң ири медиаплатформасында мәмлекетимиздиң туристлик потенциалына байланыслы 50 ге шамалас контент жайластырылған.

Усы жылдың өткен дәўиринде Қашқадәрья ўәлаятында Башир ҳәм Қайнар, Жиззақ ўәлаятында Узунбулақ, Ферғана ўәлаятында Топволдиев, Самарқанд ўәлаятында Ақсай ҳәм Аманқутан, Сурхандәрья ўәлаятында Нилю туризм аўыллары ҳәм туризм мәҳәллелери шөлкемлестирилип, олардың жәми саны 26 ға жеткерилди.

Тараўда санластырыўды жеделлестириў мақсетинде “Tourist map” интерактив порталы ҳәм мобил қосымшасы ислеп шығылды ҳәм сынақ тәризинде Самарқанд халықаралық аэропортында интерактив үскенелер орнатылған ҳалда иске қосылды.

Самарқандта Халықаралық туризм академиясының жумысы жолға қойылып, онда маман қәнигелер таярланбақта.

Усы дәўирде жергиликли ҳәм сырт елли туристлерди тартыў мақсетинде елимизде халықаралық ҳәм республикалық көлемдеги көплеген илажлар өткерилди. Атап айтқанда, Қарақалпақстанда “NavrUZ” этнофестивалы, "Арал туризми" ҳәптелиги, "Миздақхан - муқаддес ҳәм сырлы мәкан" атамасындағы халықаралық фестиваль, “Moʼynoq Ralli - 2025” экстремал авто-мото жарыслары, “Stixiya” халықаралық электрон музыка фестиваллары, Бостанлық районында II халықаралық “Farhod Challenge – Strongmen Games” турнири ҳәм Хийўа қаласында V халықаралық “Pahlavon Mahmud – Strongmen Games” баҳадырлар ойыны жарысы жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди.

Елимизде туризм ушын ең қолайлы ўақыт есапланған март-апрель айларында барлық аймақларда ишки туризм ярмаркалары өткерилди.

Ҳәзирги дәўирде елимизге туристлердиң тийкарғы бөлеги тарийхый-мәдений туризм бағдарында келмекте. Бизде туризмниң жүдә көп түрлери ҳәм формаларын (тарийхый-мәдений туризм, аграр туризм, этнотуризм, зыярат туризми, экологиялық туризм, билимлендириў туризми, гастрономиялық туризм, спорт туризми, ғалабалық илажлар туризми) раўажландырыў, олар бойынша туристлерди тартыў имканиятлары бар.

Жәҳән туризм базарында ғалабалық туризмнен ўаз кешилип, индивидуал туризмге үлкен итибар қаратылмақта, яғный туристлердиң айрықша қызығыўшылықларынан келип шығып, инновациялық туризм бағдарларын ислеп шығыў кең түс алмақта. Усы көзқарастан алғанда, мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған туризм шөлкемлери бул процесске итибар қаратыўы мақсетке муўапық.

Жәҳән туризм базарында миллий туризм брендин жедел алға қойыў, маркетинг изертлеўлерин әмелиятта кеңнен қолланыў, социаллық тармақларда реклама, тараўда маман кадрлар таярлаў, әмелият хызметкерлериниң маманлығын арттырыў системасын кеңейтиў тараўдың раўажланыў имканиятларын арттырады.

Улыўма алғанда, мәмлекетимизде туризм тараўында заманагөй бағдарлар ҳәм түрлерди жолға қойыў сырт елли туристлер ағымының артыўына, ишки ҳәм халықаралық туризмниң раўажланыўына және сапар етиў географиясының кеңейиўине алып келеди.

Алишер Эштаев,

экономика илимлериниң докторы (DsC),

профессор