29-декабрь, екшемби күни Қубла Кореяда мәмлекет тарийхындағы ири авиа апатшылықлардан бири жүз берди. Бангкоктан рейсти әмелге асырып атырған Jeju Air авиакомпаниясының Boeing 737-800 самолёты мәмлекеттиң Муан халықаралық аэропортына қондыраў ўақтында қулап кетти. Кеме бортында 175 жолаўшы ҳәм алты экипаж ағзасы болған.
Бүгин, 27-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов Әзербайжан Республикасының мәмлекетимиздеги елшиханасына барып, елши Гусейн Гулиев арқалы пүткил туўысқан Әзербайжан халқына кеўил билдирди.