Өзбекстан пахташылықта екологиялық турақлылықты беккемлеў, халықаралық стандартларға сәйкес өндирис системасын қәлиплестириўге қаратылған үлкен басламаны әмелге асырыўды басламақта.
Испанияның Кордова қаласында болып өтип атырған Халықаралық зайтун кеңесиниң 122-сессиясында Өзбекстан аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмонов басшылығындағы делегация қатнаспақта.
Ташкент мәмлекетлик аграр университетинде халықаралық илимий бирге ислесиў шеңберинде "Өзбекстан - Қытай топырақ, өсимликлер ҳәм төгинлерди таллаў лабораториясы"ның рәмзий ашылыў мәресими болып өтти.
Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмонов 10-ноябрь күни Ташкент қаласында болып өтип атырған Орайлық Азия мәмлекетлери аўыл хожалығы министрлериниң мәжилиси шеңберинде Қазақстан Республикасы аўыл хожалығы вице-министри Ербол Тажжуреков пенен ушырасты.
Вашингтон қаласында болып өткен "С5+1" форматындағы саммит шеңберинде Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмонов АҚШ Аўыл хожалығы министриниң илим, билимлендириў ҳәм экономика мәселелери бойынша орынбасары доктор Скотт Хатчинс (Scott Hutchins) пенен ушырасыў өткерди.
Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң АҚШқа рәсмий сапары шеңберинде аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмонов Пахта бойынша халықаралық мәсләҳәт комитети (ICAC) директоры Эрик Трахтенберг пенен ушырасты.
Өзбекстанның әййемги ҳәм жергиликли аўыл хожалығы егинлериниң туқым үлгилери Норвегияда жайласқан дүньядағы ең үлкен ҳәм қәўипсиз туқым сақлаў орайы болған Шпицберген (Svalbard Global Seed Vault) пүткил жер жүзилик туқым сақлаў орайына тапсырылды.
Римде БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) бас резиденциясында Өзбекстан аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмонов ҳәм Италия аўыл хожалығы министри Франческо ЛолоБрижидтиң еки тәреплеме ушырасыўы болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмонов БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) бас директоры Цюй Дунъюй менен ушырасыў өткерди.
Ташкентте "Жер кодексин қайта көрип шығыўды қоллап-қуўатлаў" жаңа жойбарын иске қосыў бойынша көрсетпе ҳәм мәсләҳәт семинары болып өтти. Ол БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) тәрепинен Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген.