Бүгин пайтахтымызда жеңил атлетика бойынша «Silk Road to Tokyo» халықаралық турнирине старт берилди. Пүткил жер жүзилик жеңил атлетика федерациясының бронза дәрежесиндеги бул жарыста 15 мәмлекеттен 250 ге шамалас спортшы қатнаспақта.17-августта жуўмақланатуғын турнир келеси ай Токио қаласында болып өтетуғын жәҳән чемпионатына рейтинг очколарын усынады. Бағдарламаға бола, атлетлер 22 бағдар бойынша беллеседи. Атап айтқанда, Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да тийкарғы қурамда медаллар ушын гүрес алып барады, деп хабар береди OlympicUz.
Бүгин Тунисте қылышласыў спортының сабля түри бойынша Гран-при турнирине старт бериледи.
Қытайдың Уси қаласында таеквондо WТ бойынша "Үлкен дубулға челленжери" турнири өз жуўмағына жетти.