Ташкент ўәлаяты делегациясының Америка Қурама Штатларына сапары даўамында исбилермен топарлардың ўәкиллери менен нәтийжели ушырасыўлар ҳәм сөйлесиўлер даўам етпекте. Делегацияға ўәлаят ҳәкими Зоир Мирзаев басшылық етпекте.
Усы күнлерде Ташкент ўәлаяты ҳәкими Зойир Мирзаев басшылығындағы делегация әмелий сапар менен Америка Қурама Штатларында болмақта. Сапар шеңберинде өткерилген бизнес-форумда Ташкент ўәлаяты ҳәм Флорида штатының Голливуд қаласы ўәкиллери ушырасып, өз-ара пайдалы бирге ислесиў ҳәм экономикалық байланысларды беккемлеў имканиятларын додалады.
Өзбекстан Илимлер академиясы Тарийх институты тәрепинен Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги қәўендерлигинде алып барылып атырған археологиялық қазыў жумыслары даўамында археологлар тәрепинен жаңалық - эрамыздың Х-XI әсирлерине тийисли фрескалар табылды.
Ташкент ўәлаятында Туран тарийхының ең әҳмийетли естеликлеринен бири болған әййемги Қанқа қаласын археологиялық изертлеў жумыслары даўам етпекте.
Ташкент ўәлаяты ҳәкими Зойир Мирзаев басшылығындағы делегацияның Россия Федерациясына сапары даўам етпекте. Кеше Өзбекстан делегациясы Москва ўәлаятында болып өткен Россия ҳәм Өзбекстан аймақлары кеңесиниң II мәжилисинде қатнасты.
Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм “Beijing China sciences runyu environmental technology co Ltd” компаниясы арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.
Инвестициялық жойбар 75 мың АҚШ доллары болған киши ГЭС қурыў жумыслары жуўмақланыў алдында.
Арнаўлы санаат технопаркинде 100 ге шамалас кәрхана жайластырылады, 12 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылады.
"Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Х.Сулаймонова атындағы Республикалық суд экспертизасы орайының жумысын буннан былай да жетилистириў ҳаққында"ғы Ҳүкимет қарары (849-санлы, 18.12.2024-ж.) қабыл етилген.
Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент ўәлаятының Бостанлық районында қурылып атырған “Ugam River” туристлик комплексин барып көрди.